Отбасыӊда, еркин ойнап күлгениң,

Елдиң хызметинде, еркин жүргениң,

Шад болып, бахытлы дәўран сүргениң,

Қәдири бәлент, тынышлықтың арқасы.

 

Несип етти, шүкир бахытлы заман,

Ана қушағында, перзентлер аман,

Еркин гүлленбекте, қараң төрт таман,

Қәдири бәлент, тынышлықтың арқасы.

 

Халқым қуўанышта, елимде тойлар,

Өмирди узайтар, пәкизе ойлар,

Нурлы келешекке сызылар жойбар,

Қәдири бәлент, тынышлықтыӊ арқасы.

 

Ҳәййиў ырғағында шайқалар бесик,

Дос-яран ҳал сорар, ашылар есик,

Жаслар турмыс қурар, қосып дуз-несип,

Қәдири бәлент, тынышлықтың арқасы.

 

Раўаж Отарбаев,

шайыр.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги