Усы жыл 13-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик грантлар бойынша жәрияланған сегизинши таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Таңлаўда Өзбекстан «Аграр тараў ҳаяллары» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық  бөлимининиң «Кеўилли фермерлер», «Өзбекстан Чернобылшылары» ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң «Бир қәдем», «Шаңарақ» илимий, социаллық, гуманитар ҳәм жаслар басламалары орайының «Жаңа Өзбекстан-жаңаша көз-қарас» атамаларындағы жойбарлары жеңимпаз деп табылды.

Илаж соңында жеңимпазларға сертификатлар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги