Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң 2021-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳәм алдағы ўазыйпаларына бағышланған мәжилис өткерилди.

Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри, Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы С.Турманов, әмелге асырылған жумыслар ҳәм жол қойылған кемшиликлер бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 27-февраль күнги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 24-июнь күнги 215-санлы қарарлары тийкарында Жәмийетлик Кеңес курамы тастыйықланып, тийисли тәртипте жыллық режеси ислеп шығылды ҳәм орынлаўға қаратылды.

Белгиленген реже тийкарында, 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен оқыўшы жаслар ҳәм әскерий хызметкерлер арасында
50ге шамалас руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар, әскерий хызметкерлер ҳәм басқа да тараў ўәкиллериниң ата-аналарының қатнасыўында 30 ға шамалас «Мениң перзентим ел қорғаўшысы», «Армиямыз мақтанышы ҳәм мәҳәллемиз мақтанышы» атамаларында онлайн ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, «Әскер – мәҳәлле мақтанышы», «Ибратлы заманласым» атамасында 500 ге жақын илажлар, жаслардың әскерий бөлимлерге 100 ден аслам саяхаты ҳәм 370 мәрте әскерий хызметкерлер ямаса әскерий хызметин өтеп, бүгинги күнде напақада болған нураныйлар менен ушырасыўлары шөлкемлестирилди. өткерилген илажларда жәми 18 мыңнан (соннан 8 мыңнан асламы қызлар) аслам жаслар қамтып алынды.

Есап бериў дәўиринде жәмийетлик кеңес тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсият илажлары өткерилди. Басқалардың жәрдемине мүтәж жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасаўшы кекселер, атап айтқанда, 402 басқалардың жәрдемине мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыплар 849,6 миллион сумлық тийкарғы түрдеги азық-аўқатлар, гигиеналық затлар, 667 кексеге врачлардың рецептлери тийкарында 40,1 миллион сумлық дәри-дәрмақлар, 122 майыплығы болған ҳәм жалғыз кекселерге протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қурылмалары жеткерип берилип, 2250 пенсионер бийпул санаторийларда саламатландырылды.

Жыл даўамында, Жәмийетлик кеңес ағзалары менен биргеликте жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, илимге қызығыўшылығын арттырыў ҳәм шараятлар жаратыў, спортқа кең түрде қамтып алыў ҳәм басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылған болса да, айырым қәте-кемшиликлерге  жол қойылған.

Мәжилисте, өткен жылда жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў, жумысларды еле де жетилистириў, 2022-жылда ислениўи тийис ўазыйпаларды белгилеў ҳәм оны сапалы орынлаў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Жәмийетлик кеңестиң бир қатар белсенди ағзаларына «Ҳүрмет жарлық»лары  тапсырылды.

Күнниң екинши ярымында Жәмийетшилик кеңес ағзалары 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» сүрени астында Нөкис қаласындағы әскерий ислер басқармасы жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў орайында билим алып атырған жаслар менен ушырасты.

Дәслеп мийманлар орайда жаслардың билим алыўы, бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Орайда оқып атырған жасларға мәмлекетимиздеги жаслардың билим алыўы ушын жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар, әсиресе, әскерий билим алыў бойынша енгизилген жаңа қарар ҳәм нызамлар, әскерлик ўазыйпасын өтеп келген жасларға жаратылған жеңилликлер бойынша толық мағлыўмат берилип, жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ушырасыў соңында орай жасларына «Қарақалпақкино» агентлиги хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Киноматография агентлиги тәрепинен Хилол Насимов режиссёрлығында сүўретке алынған «Ҳаёт» көркем фильми қойып берилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги