Өткен жыл даўамында, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрельдеги «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, орынларда бир қатар жумыслар әмелге асырылып, көплеген елатлы пунктлер абаданласып, халықтың жасаў шараяты жақсыланып бармақта.

Айырым аймақлардағы жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлери раўажланып, халықтың абаданлығы артып, турмыс дәрежеси жақсыланды.

Усы қарарға муўапық, социаллық тараў объектлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының комплекслери, мәҳәлле гүзарларын қурыў ҳәм оңлаў және турақ жай фондын жақсылаў параметрлери де белгиленген еди.

-Республикамызда усы қарарға муўапық, 34 мәҳәллениң жигирма тоғызында мәҳәлле имаратын, екеўинде мәҳәлле гүзарын қурыў (реконструкциялаў, оңлаў) жумыслары белгиленип, соннан 13 пуқаралар жыйынының имаратын жаңадан қурыў жумыслары толық жуўмақланып, 1 пуқаралар жыйынында реконструкциялаў бойынша жумыслар әмелге асырылды. Сондай-ақ, 13 пуқаралар жыйынында капитал оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген болып, бул жумыслар да толық жуўмақланды,-дейди Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын беккемлемлеў бойынша бас қәнигеси М.Алламуратов. – Пуқаралар жыйынларының ҳәкимшилик имаратларын қурыў ҳәм оңлаў ушын жергиликли бюджеттиң қосымша қаржылары есабынан үлкен жумыслар исленди. Үлкен көлемдеги қаржылар ажыратылып, пуқаралар жыйынларындағы жумыс ислеўшилер ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў ушын бар мүмкиншиликлерден пайдаланып, ҳәрекет етилди.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Ақ жағыс» МПЖ имаратын қурыў ушын жергиликли бюджеттиң қосымша қаржылары есабынан 280 миллион сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары толық жуўмақланған.

Әмиўдәрья районындағы «Қытай» АПЖ ҳәм «Жумыртаў» ППЖлардың ҳәкимшилик имаратларын қурыў ҳәм оңлаў ушын жергиликли бюджеттиң қосымшалары есабынан 860 миллион сум ажыратыў белгиленген еди. Бүгинги күнде «Қытай» АПЖ имаратын капитал оңаў жумыслары ушын 460 миллион сумлық қаржы ажыратылып, оңлаў жумыслары жуўмақланды. «Жумыртаў» ППЖ имараты ушын 354 миллион сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары толық орынланды.

Сондай-ақ, усындай қаржылардың есабынан Беруний районындағы «Абай», «Беруний», Кегейли районындағы «Абат», «Жаңабазар», Қараөзек районындағы «Бердақ», Қоңырат районындағы «Өрнек», «Қыпшақ», Қанлыкөл районындағы «Жайҳун», Хожели районындағы «Наўрыз», Тақыятас районындағы «Нурлы келешек», Төрткүл районындағы «Ата журт», «Көкше», Тахтакөпир районындағы «Белтаў», «Жаңадәрья», Шымбай районындағы «Қызылөзек», «Оржап», Шоманай районындағы «Айбүйир», «Сарманбайкөл», Елликқала районындағы «Қызылқум», «Сарыбий» ҳәм басқа да бир қатар пуқаралар жыйынларында усындай жаңадан қурыў, ири оңлаў жумыслары толық орынланып, кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында салтанатлы жағдайда пайдаланыўға тапсырылды.

Әмелге асырылған усы жумыслар нәтийжесинде, атап өтилген пуқаралар жыйынларында жумыс ислеў ушын барлық қолайлықлар жаратылды. Жаңа мебель, компьютер топламлары менен тәмийинленди. Халықтың өз аймағындағы мәҳәллеге байланыслы мәселелерин бир жерден шешиў бойынша мүмкиншиликлери кеңейди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги