Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң Қубла ҳәм Орайлық Азия ислери бойынша жәрдемшиси Дональд Лу менен телефон арқалы сөйлести.

Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстан-АҚШ бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери, алға қойылған келисимлердиң орынланыўы ҳәм келешектеги илажлар кестеси додаланды.

Тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысты.

Сыртқы ислер министрлигиниң

баспасөз хызмети

ӨзА