Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайында Қарақалпақстан халық художниги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, марҳум устаз художник Қәўендер Бердимуратовтың «Жанланған сызықлар» атамасындағы жеке көргизбеси шөлкемлестирилди.
Көргизбениң тийкарғы мақсети – қарақалпақ сүўретлеў өнериниң тарийхында үлкен из қалдырған көрнекли художниктиң жумыслары менен жақыннан танысыў, келешек әўлад ушын тәжирийбе мектеби ҳәм устаз художниклердиң дөретиўшилигине болған итибарды, сүўретлеў өнерине деген қызығыўшылығын арттырыў болып табылады.
Көргизбениң ашылыў мәресиминде, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы У.Утегенова, Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, академик, Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосынов, көргизбени шөлкемлестириўшилердиң бири, художниктиң баласы Б.Бердимуратов ҳәм басқалар, художниктиң өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берип, Қ.Бердимуратовтың ҳәр бир дөреткен жумыслары қарақалпақ миллий колоритин кейинги әўладқа жеткерип бериўде, миллийлигимиз ҳәм ўатанға болған садықлығын және де күшейтиўде орны бөлек екенлигин атап өтти.
Марҳум художник Қәўендер Бердимуратов дөретиўшилиги даўамында сүўретлеў көркем өнериниң реңли бояў (живопись), мүсиншилик (скульптура), графика бағдарында көплеген жумыслар иследи.
Көргизбеден Қ.Бердимуратовтың 50 ден аcлам живопись, графикалық ҳәм иллюстрациялық дөретпелери орын алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери