Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген художник Ибрайым Жолымбетовтың «Мен жүрген жолларда» атамасындағы көргизбеси шөлкемлестирилди.

Көргизбениң ашылыў мәресиминде, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы У.Утегенова, Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, академик, Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосынов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Б.Айтмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, художниктиң өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы мағлыўматлар берди.

Көргизбеден орын алған картиналарға өз пикирлерин билдирип, художниктиң жетискенликлери менен қызғын қутлықлап, алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, И.Жолымбетов керамист, графика ҳәм живопись тараўында жумыс ислеп атырған художник. Усы музейде художниктиң бир қатар картиналары сақланбақта. Ал, музей экспозициясында болса, «Қарақалпақ художниклери», «И.Юсупов» жумыслары орын алған.

Көргизбеге келген мийманлар И.Жолымбетовтың қәлеминен дөреген картина ҳәм портретлерди ҳәм художниктиң ислеген мүсинлери менен керамикалық жумысларын тамашалап, пикирлерин билдирди.

  • Мен емлеўханада хирург болып жумыс ислеп атырман. И.Жолымбетовты көплеген жыллардан берли таныйман. Мектепте де, институтта да қатар оқыдық. Дос болдық. Оның турмысы ҳәм дөретиўшилиги менен жақсы таныспан. Оның көргизбеден орын алған ҳәр бир шығармасы туўралы көплеген пикирлерди билдириўим мүмкин. Ҳәр бир шығармасы өз алдына бир дүнья. Мәселен, «Т.Қайыпбергенов» портретиндеги жазыўшының образы арқалы, ол нелерди сөйлеп турғанын, оның әтирапындағы инсанлар арқалы нелерди сөйлемекши екенин түсиниўге болады. Бүгинги көргизбеде художниктиң халқымыз арасынан шыққан көплеген уллы инсанлардың образы сәўлеленген картиналары да орын алған.

Көргизбеден И.Жолымбетовтың 70 ке шамалас керамикалық, живописьлик, графикалық дөретпелери орын алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери