Қоңырат районы ҳәкиминиң 2021-жыл 13-декабрь күнги район аймағынан аэропорт қурыў ушын жер майданын ажыратып бериў ҳаққындағы мүрәжатына Қурылыс министрлиги ҳәм басқа жуўапкер шөлкемлердиң унамлы жуўмақлары алынды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Усы тийкарда районда заманагөй аэропорт қурыў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары қабыл етилген.
Қарарға муўапық, Қоңырат районы аймағынан аэропорт қурылысы ушын 256 гектар жер майданы ажыратылды. Қурылысы жобаластырылған аэропортта самолётлар ҳәм жолаўшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылады.
Аэропорт аймағында ушыў майданшасы, күтиў залы, аўқатланыў шақапшасы, саўда ҳәм дем алыў орынлары қурылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.