Өткен 2021-жылы республикамыздың ғәллешилик пенен шуғылланатуғын фермер хожалықлары тәрепинен 53 мың гектар майдандағы гүзги дәнли егинлер орып-жыйнап алынды.
Жасыратуғыны жоқ, усы ғәлле майданларындағы бийдайды тәрбиялаў дәўиринде бир қатар қыйыншылықлар жүзеге келиўине қарамастан дийқан ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен белгиленген агротехникалық илажлардың өз ўақтында өткерилгенлиги нәтийжесинде, бүгинги күнге келип исленген мийнетлери өз жемисин көрсетти, деп айтсақ болады.
– Мине, усындай илажлардың арқасында аймағымызда бақланған суў тамтарыслығына қарамастан, ғәлле майданларынан, гектарына орташа 40,1 центнерден, 212 мың 600 тонна масақлы дән жетистириўге ерисилди,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң ғәллешилик, собықлы дән ҳәм майлы егинлер бөлиминиң бас қәнигеси К.Нурниязов. – Бул жумысларда жоқары зүрәәтлиликке ерискен Тақыятас районындағы «Төреев Султамуратбий», Шымбай районындағы «Зайыр», Беруний районындағы «Кучкинов Қудрат», Әмиўдәрья районындағы «Хыдыров Нурулла», Төрткүл районындағы «Қушназар Пахтакор», Хожели районындағы «Шүкириллаева Толғанай» ҳәм басқа да республикамызда үлги болған фермер хожалықларының бәлент қырманға қосқан үлеси айрықша болды.
Келеси жылдың зүрәәти ушын да республикамыз районларында 53 мың гектар майданға гүзлик бийдай егинлери егилип, олар бүгинги күнде толық түплеў фазасында раўажланбақта.
Ҳәзирги ўақытта усы түплеген майданларда биостимуляторлар ҳәм кабомидли төгинлер менен суспензия усылында жапырақтан азықландырыў жумыслары толық алып барылып, бийдай атызларына жергиликли төгинлер берилмекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги