Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Саламат бәсекилик орталығын раўажландырыў ҳәм кең түрдеги май өнимлери ислеп шығарыўын кеңейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, усы тармақтағы бар системалы машқалаларды сапластырыў базарды сапалы, қәўипсиз, арзан азық-аўқат өнимлери менен толықтырыў ҳәм пүткил елдиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәрти болып табылады.
Соның менен бирге, шийки зат базасының шекленгени, соның ишинде, альтернатив май алынатуғын егинлерден толық пайдаланбаў май кәрханаларының бар өндирислик қуўатлықларын толық иске қосыўды тәмийинлеў базардың сапалы май өнимлерине болған талабын қанаатландырыў имканиятын бермейди.
Май кәрханаларында заманагөй технологиялардың төмен дәрежеде енгизилгени өндирислик жумысты зәрүр дәрежеде қадағалаўға ҳәм есап-санағын жүргизиўге тосқынлық етпекте, шийки зат ҳәм таяр өнимлерди талан-тараж етиў жағдайларына, сондай-ақ, басқа да әдалатсызлықларға алып келмекте.
Шийки зат ресурсларын ҳәм таяр май өнимлерин бөлистириўдиң нәтийжесиз және заманагөй базар принциплерине жуўап бермейтуғын механизми көп санлы алып-сатарлық буўынларының ҳәм базарда жасалма жетиспеўшиликтиң жүзеге келиўине ҳәм соның ақыбетинде май өнимлери баҳасының тийкарсыз өсиўине алып келмекте.
Май тармағын заманагөй базар механизмлерин кеңнен енгизиў тийкарында жедел раўажландырыўды тәмийинлеў ҳәм май санаатын басқарыў системасын жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына ҳәм Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясының ўазыйпаларына муўапық:
- Төмендегилер:
Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен май өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм сатыў системаларын үйрениў нәтийжелери;
«Өзпахтасанаатэкспорт» ХК ге тийисли болған «Өзпахтамай» АЖ устав капиталындағы үлес Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-ноябрьдеги «Пахташылық тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3408-санлы қарарына муўапық мәмлекетлик мүлкке номинал баҳа бойынша өткерилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Май өнимлерин ислеп шығарыўдың ресурс базасын кеңейтиў, май кәрханаларындағы әсбап-үскенелерди модернизациялаў, оларды өндирис процесин қадағалаў ҳәм есап-санағын жүргизиўдиң заманагөй системалары менен тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы май тәрмағын жедел раўажландырыў бойынша «жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлигиниң:
шрот ҳәм шелуханы сатыў бойынша «От-жем тәмийнаты» ЖШЖ кәрханаларын сапластырыў;
соңын ала санаатта қайта ислеў ушын мөлшерленген экстрактлы пахта майы биржа саўдалары арқалы тек «Өзпахтамай» АЖ кәрханаларына сатылыўы туўралы тәртипти белгилеў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетке өсимлик майын ислеп шығарыўшылар импорт май шийки заты тийкарында ислеп шығарылған көлемлер бойынша қосымша қун салығын төлеўден азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги Экономика министрлиги ҳәм «Уздонмаҳсулот» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте аралас жем ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша, соның ишинде:
аралас жем ислеп шығарыў бойынша әмелдеги қуўатлықларды инвентаризациядан өткериў;
аралас жем ислеп шығарыў ушын базардағы талапты ҳәм елимизде бар ресурс базасын үйрениў;
шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық секторлары бойынша аралас жем таярлаўдың илимий тийкарланған рецептураларын ислеп шығыўҢ
мәкке ҳәм басқа да собықлы дән егинлеринен, сондай-ақ, май, ун өнимлери, спирт ҳәм пиво ислеп шығарыўдағы шығындылардан аралас жемниң заманагөй санаатлық өндирисин шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын ҳүкиметлик қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги бир ай мүддетте:
шигитти қайта ислейтуғын май кәрханаларын шигитти жүклеў, қабыл етиў, сақлаў ҳәм қайта ислеў процесин реал ўақыт режиминде бақлаў, соның ишинде, шийки зат, ярым таяр ҳәм таяр өнимлерди өлшеў ҳәм есабын жүргизиў имканиятын беретуғын автоматластырылған системалар менен;
шигит, пахта майы, шрот ҳәм шелуханы тасыйтуғын жүк автомашиналарының ҳәрекетлениўин реал ўақыт режиминде мониторинг етип барыў ушын оларды заманагөй GP! трекерлер менен үскенелеў бойынша илажлар көрсин.
- «Өзпахтамай» АЖ Ташкент қаласы, Шота Руставели көшеси, 8-жай мәнзили бойынша жайластырылсын.
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары З.Т.Мирзаев, Н.С.Отажонов ҳәм С.Р.Халмурадовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 19-январь