Орынларда жаңа 2022-жыл көтериңки руўхта күтип алынып, балалардың қысқы дем алысы мазмунлы даўам етпекте.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында қысқы дем алысқа шыққан балалардың кеўилли ҳәм мазмунлы дем алыўы ушын жаңа жыл байрамына бағышланған театрластырылған тамаша қойып берилмекте.

Тамашада Базилио менен Алиса Жолбарысқа жолланған хатты урлап байрамды бузбақшы болады. Ал, Гринч жаңа жыл шыршасын урлап кетпекши болғанында Қарқызы оны дурыс жолға салады. Аяз атаның мийримлилиги себепли балалар Алиса менен Базилионы кеширеди

Балаларға бағышланған байрам тамашасында, Кашшей, Мәстан кемпир, Өрмекши адам, Том, Бэтмен, қасқыр, қоян ҳәм басқа да бир қатар ертек қаҳарманларының образы сәўлеленеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери