Мине санаўлы саатлардан соӊ  елимизге жаӊа жыл қәдем атып кирип келмекте. Усы мәўритлерде  ҳәр бир саналы инсанныӊ ойына, жуўмақланып атырған 2021-жылы қандай жумысларды иследим, нелерге үлгерип, нелерге үлгере алмадым?,-деген сораўлар келеди.

Биреўлер өткен жылы жаӊа қонысқа көшип өтип, имаратлы болса, гейбиреўлер перзентли болып қуўанышқа бөленген. Айырымлары жаӊа автомашиналы, айырымлар өзлери қәлеген оқыў орынларына кирип, ата-аналары ҳәм туўған-туўысқанларына қуўаныш инам етти. Шайыр-жазыўшы, композитор, драматург, архитектор ҳәм журналист-блогерлер республикамызда жүз берип атырған өзгерис ҳәм жаӊаланыўларға өз мүнәсибетин билдириў ҳәм сол арқалы елимиздиӊ еле де алға қарай раўажланыўына өзлериниӊ үлеслерин қосыў ушын жаӊа дөретпелер үстинде мийнет етти. Аўыл ҳәм суў хожалығы хызметкерлери ҳәм дийқан-фермерлердиӊ өткен жылға онша кеўли толмағаны менен келеси жылдан үмитлери мол!

Ҳәзир бәрше халқымыз өзлериниӊ шаӊарақ ағзалары менен бирге жаӊа 2022-жылды толы дастурхан дөгерегинде, кеўилли кейпият ҳәм жүректен шыққан еӊ жақсы тилеклер айтып, қуўанышлы күтип алмақта. Гейбир жаслар болса, балалары менен бирге өз ата-аналарын қутлықлаў ушын өзлери өскен үлкен үйге қарай асықпақта.

Қулласы бүгин республикамыздыӊ барлық шаӊарақларында байрам кейпияты ҳүким сүрмекте. Ал, пайтахтымыз Нөкистиӊ байрамға ылайық  безетилген кеӊ жақты көшелери ҳәм И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан  мәмлекетлик көркем өнер музейи жанында бой тиклеген көркем шырша әтирапы болса, қала халқы ҳәмде мийманлар  менен толы. Олар байрам менен бир-бирин қутлықлап, естелик ушын сүўретлерге түспекте. Базыбир шоқ жигит-қызлар топары болса дослары менен  әжайып нама қосықлар тыӊлап, аяқ ойынға түсип атыр. Бизлер де өз гезегинде олардыӊ бул қуўанышларын фотообъективимизге алып, Сиз әзизлерге жеткериўге ҳәрекет еттик.

Жаӊа жылыӊыз қутлы мубәрек болсын, әзиз Қәдирданлар!

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери