Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанында педагогика бағдарында илимий дәрежелер бериўши илимий кеңес жумыс баслады.

Қарақалпақстан көлеминде үлкен тарийхый жаңалық болған бул кеңестиң мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында кеңес жанындағы илимий семинардың баслығы педагогика илимлери докторы Тәжибай Утебаев былай дейди: «Президентимиз республикамызда сапарда болған ўақтында Қарақалпақстан Республикасындағы кадрлар тамтарыслығы мәселесин көтерген еди. Тарийхта бизде педагогика тараўы бойынша илимий кеңес болмаған. Жас илимпазлар ушын енди шаңарағының алдында жүрип, илим менен шуғылланыўға мүмкиншилик туўылды».

 

Илимий кеңесте илим докторларынан ибарат 15 ағза жумыс алып бармақта.

– 2018-жылы январь айында институтымызда «Педагогика теориясы ҳәм тарийхы. Тәлимде менеджмент», «Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы» қәнигеликлери бойынша философия докторы илимий дәрежелерин бериўши илимий кеңес ашылды. Енди докторлық диссертацияларын жақлаў ушын мың километр жерге барыўға қәжет қалмады. Имканияттан үнемли пайдаланып, кеңеске мен де ҳүжжетлеримди тапсырмақшыман, – дейди институттың «Улыўма педагогика ҳәм психология» кафедрасы излениўшиси Алмаз Кадрекова. – Ҳәзирги күнде илимий басшым – педагогика илимлери докторы Ойниса Мусурмонова менен илимий жумыс алып бармақтамыз. «Өзбекистанда балалар абаданлығын тәмийинлеўди модернизация етиўдиң педагогикалық технологиясы» атамасындағы илимий диссертация жумысымды быйыл жақлап, елимиздиң және де раўажланыўына үлесимди қосаман, деген үмиттемен.

Усы күнге шекем институтта тек қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдары бойынша илимий кеңес жумыс алып барған.

 

Мийригүл Пирназарова

Қарақалпақста хабар агентлиги хабаршысы