Жақында Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында Өзбекистан Республикасы Жоқарғы Судының баслығы Қозимжан Комиловтың қатнасыўында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.

Онда пуқаралар тәрепинен олардың жақын туўысқанлары ямаса өзлериниң үстине шығарылған суд ҳүкиминен наразы болғанлығы ҳаққында мүрәжатлар көрип шығылып, қайта көрип шығыў ушын қабыл етилди. Айырым пуқараларға тийисли ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Усы күни пуқара Рустем Қаллибековтың суд ҳүкиминен наразы болып жазған мүрәжаты апелляция тәртибинде көрип шығылды. Өткерилген ашық суд мәжилисинде пуқара Р.Қәллибековтың шаңарақ жағдайлары, бурын судланбағанлығы ҳәм нызам алдында пушайман болып ҳәммеден кеширим сорағаны себепли оған еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза тайынланып, сол ўақыттың өзинде суд залында қамақтан азат етилди.

– Баламның билип-билмей ислеген жынаяты бойынша тайынланған жазаға наразы болып, Президентимиздиң халық қабыллаўханасына мүрәжат еткен едим,-дейди Рустем Қаллибековтың анасы Зийнахан Алланиязова. – Мине бүгин арзымызды көшпели қабыллаўда көрип шығып, балам суд залынан еркинликке шығарылды. Буның ушын Президентимизге өзимниң шексиз аналық миннетдаршылығымды билдиремен. Ендиги жағында балам ислеген қәтеликлерин қайталамайды ҳәм елимиздиң ылайықлы азаматы болатуғынына исеним билдиремен.

Илажда түрли мазмундағы мүрәжатлардың нызамлы ҳәм әдил шешим табыўын тәмийинлеў бағдарында тийисли судлардың басшыларына ҳәм судьяларға анық тапсырмалар белгилеп берилди. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаў – жәмийетте әдиллик үстинлигин тәмийинлеў саласында әмелге асырылып атырған реформалардың баслы бағдары болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги