Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлерден бириниң басламасы менен Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медициналық орайдың Қарақалпақстан Республикасы филиалында Жаңа жыл байрамы шөлкемлестирилди.

Кейинги жылларда онкологиялық кеселликлер саны кескин артқан. Ашынарлысы сонда, ҳәр жылы дүнья жүзинде 16 миллион онкологиялық наўқас анықланар екен. Әскерлер барған емлеўханада болса ҳәзирги ўақытта 190 ҳәр қыйлы жастағы наўқас онкологиялық кеселлик пенен дизимге алынған болып, қадағалаў астында стационар емленип келеди.

Жаңа жыл байрамының бас қаҳарманы – Аязата кийимлерин кийген Нөкис гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы әскерий оркестри топарының орай поликлиникасында пайда болыўы наўқасларға күтилмеген байрам кейпиятын бағышлады. Емлеўхананың барлық қабатларында әскерий оркестрдиң Жаңа жыл байрамы ҳаққындағы қосықлары жаңлап, ата-апалар, кишкене наўқас балалардың кеўлин қуўанышқа толтырды.

Орайдың Онкология бөлиминде емленип атырған киши жастағы балаларға әскерлер тәрепинен Аязата саўғалары берилди. Ҳәр бир ата-ана ушын перзентиниң жүзиндеги күлкиси үлкен бахыт, әлбетте. Баласының келешегинен үмитли аналар әскерлерге шексиз миннетдаршылық билдирип, көзлеринде қуўаныш көз жаслары қалқыйды. Көтериңки ҳәм умытылмас мәўритлер мөрленген күн қаншадан-қанша инсанлардың кеўлине жақсылық бағышлады.

– Әскерлеримизден миннетдармыз, – дейди орай директорының орынбасары Гүлзада Сатуллаева. – Ҳәр байрамда орайымызға келип, кеўли өксик инсанларымыздың кеўлине қуўаныш бағышлап кетеди. Бундай итибар ҳәм ғамқорлықлар нәтийжесинде наўқасларымызда да унамлы өзгерислер бақланады. Бахыт гормонлары наўқаслардың тез саўалып кетиўине жәрдем береди. Әскерлеримиз бул бағдарда биз шыпакерлерге ҳақыйқый жәрдемши, десем ҳақыйқатты айтқан боламан.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы