Байрам күнлери қыстаўлы жәрдем машинасы әдеттегидей жумыс ислейди, деп хабар берди ӨзА.

Атап өтилиўинше, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының елатлы пунктлерде жайласқан 13 филиалы ҳәм 180 сыңар бөлимлери әдеттегидей жумыс ислейди.

Сондай-ақ, нәўбетши бригадалар, маман шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер азанлы кеш жумыс ислейди.

Соның менен бирге, орай басшысы қурамында бас директор, директор, бас шыпакер ҳәм директордың орынбасарлары қурамында штаб дүзилди. Олар да нәўбетшилик кестеси тийкарында жумыс ислейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги