Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалында еки күн даўамында «Жас программист» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы финаль басқышы өткерилип, онда 14-19 жас ҳәм 20-31 жас аралығындағы қатнасыўшылар жәрияланған 5 бағдар бойынша өз мийнетлери менен қатнасып, қәбилетин ҳәм уқыплылығын сыннан өткерди.

Таңлаўда республикамыздың барлық районларынан заманагөй технологияларға қызығыўшы жаслар ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.

«Миллий ойынлар» мобиль қосымшасы, «Қарақалпақ фолклоры» мобиль қосымшасы, «Ең жақсы инглиз тилин үйретиўши қарақалпақ тилиндеги программа», «Ең жақсы мультфильмлер жаратыў», «Ең жақсы сайт» бағдарлары бойынша қатнасыўшылар өзлериниң презентация жумысларын көрсетти.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында усы таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме-технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Т.Баекеев, ТИТУ Нөкис филиалы директоры Б.Қайыпбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги жедел раўажланып атырған заманда жасларымыздың информациялық-технологиялар бойынша билимли болыўы, тек үйренип ғана қалмай, өз ойлап табыўлары арқалы елимиздиң раўажланыўына үлес қосыўы әҳмийетли екенлигин атап өтти. Бул ушын елимизде барлық қолайлықлар ҳәм шараятлар жаратылмақта. Өткерилген усы таңлаў да қәбилетли жаслардың қатарын көбейтиў ушын хызмет етеди.

Ҳәр бир номинация бойынша биринши орынды ийелеген жасларға 3 миллион сум, екинши орынды ийелеген жасларға 2 миллион сум, үшинши орынды ийелеген жасларға 1 миллион сумлық ақшалай сыйлықлар тапсырылды. Сондай-ақ, жеңимпазларға арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Сыйлықлаў кешесинде, жеңимпаз жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен устазлары шығып сөйлеп, шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығын билдирди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.