Жаңа жыл байрамы қарсаңында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен жәрияланған  «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары журналист нәзеринде» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған ««Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының әмелге асырылыўы бойынша  орынларда жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў» бағдарындағы жойбары грант таңлаўы жеңимпазы болған еди.

Жойбар үш басқыштан ибарат болып, оның биринши басқышында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды ғалаба хабар қуралларында толық жәрияланып барыўын тәмийинлеў мақсетинде ««Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары журналист нәзеринде» таңлаўы жәрияланды. Төрешилер қурамының шешими менен Қарақалпақстан радиосының редакторы Инкар Пиримбетова, Әмиўдәрья телевидениесиниң директоры Ғулам Ешниязов, «Еркин Қарақалпақстан» гатезасының арнаўлы хабаршысы Гүлайым Сапарова, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Даўыт Абибуллаевлар жеңимпаз деп табылды.

Жеңимпазларды Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, жойбар басшысы К.Реймов қутлықлап, оларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги.