Бурын хабар бергенимиздей, «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы Палзада Салиева гран-при жеңимпазы болып, Gentra автомашинасы менен сыйлықланған еди.

Усы жыл 28-декабрь күни гран-при жеңимпазы салтанатлы жағдайда күтип алынды. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов жеңимпазды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы ҳәм қолға киргизген табысы менен қутлықлады.

-Бул тек мениң емес, экологиялық шараятта жасап, мийнет етип атырған гүллән ҳаял-қызларымызға берилген сыйлық деп есаплайман,-деди таңлаўдың гран-при жеңимпазы Палзада Салиева.-Фермер хожалығымызда 45 адам жумыс орны менен тәмийинленген. Келешекте аўылға санаатты алып келип, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеп, жаңа жумыс орынларын ашыўды режелестирип отырман.

Буннан кейин Жаслар орайында белсенди ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ушырасыў болып өтти. Онда таңлаў жеңимпазы қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға жуўап берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери