Өзбекстанның жоқары билимлендириў системасы ушын 2017-2021-жыллар түпкиликли өзгерислер ҳәм жоқары билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша әҳмийетли қарарлар қабыл етилген дәўир болды. Бул жедел раўажланып атырған халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийетин ҳәм ролин сезилерли дәрежеде арттырды. Оның әҳмийетли тармақларының бири Erasmus+  бағдарламасы болып, онда елимиздиң барлық аймақларынан жәми 65 университет қатнаспақта.

Усы жылдың март айында Erasmus+  бағдарламасының 2021-2027-жыллар ушын белгиленген жаңа жети жыллық басқышы өз жумысын баслаған еди.  Усы бағдарламаның 2022-жыл ушын жаңа таңлаўы жәрияланды.

Бағдарламаның улыўма бюджети 26,2 миллиард евро (2014-2020-жылларда 14,7 миллиард евро), сондай-ақ, Европа Аўқамының сыртқы ресурсларынан 2,2 миллиард евро қосылған. Бағдарлама және де эксклюзив болып, жасыл ҳәм санлы технологияларға өтиўге қаратылған.

Европа Аўқамының ең нәтийжели ҳәм узақ мүддетли бағдарламасы сыпатында атап өтилген Erasmus+ бағдарламасы билимлендириў, оқытыў, спорт ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў тараўларында жойбарлар, бирге ислесиў, илажлар ҳәм мобильликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Өзбекстанның жоқары оқыў орынларының 2022-жылғы таңлаўда қатнасыўы ушын Erasmus+ бағдарламасының International Credit Mobility (ICM) – (23 -февралға шекем), Capacity Building in Higher Education (CBHE) – (17-февралға шекем), Erasmus Mundus Joint Masters (EMJM) – (16-февральға шекем), Erasmus Mundus Design Measures (EMDM) –  (16-февральға шекем), Jean Monnet Actions (JMA) (1-февральға шекем) бағдарлары бойынша жойбарларын тапсырыў имканияты бар. “Horizon Europe” – Marie Skłodowska-Curie Actions бағдарламасы жас илимпазларға илимий изертлеў ҳәм инновациялық жойбарларда жәрдем береди.

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалында, Erasmus+ Информация ҳәптелиги шеңберинде семинар болып өтти.

Илажға республикамыздағы тийисли министрликлердиң, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери, Европа аўқамының Өзбекстандағы делегациясы, жойбар координаторлары, экспертлер қатнасты.

Семинар ТИТУ Нөкис филиалы ҳәм Erasmus+ бағдарламасының Өзбекстандағы координаторлары тәрепинен алып барылды.

Семинар даўамында қатнасыўшыларға бул бағдарламаның жаңа қағыйдалары, шәртлери, проектлерди тапсырыў мүддетлери ҳаққында түсиниклер берилди.

Илажда таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер, жоқары билимлендириўдиң сапасын арттырыў, Erasmus Mundus бағдарламасын таярлаў, халықаралық кредит мобиллиги, Jean Monnet проектлери, Erasmus Mundus қоспа бағдарламалары сыяқлы өз жойбарларын усыныўы мүмкин екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, жойбар менеджерлери ҳәм координаторлары бағдарлама бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм оның нәтийжелери туўралы мағлыўматлар берип, 2022-жылға белгиленген жаңа таңлаў ҳәм оның шәртлери ҳаққында кең түрде түсиниклер берди. Онлайн сессия даўамында Европа комиссиясының билимлендириў, жаслар, спорт ҳәм мәденият бойынша Бас директораты ҳәм Брюсселдеги Европа билимлендириў ҳәм мәденият бойынша атқарыў агентлиги бағдарлама менеджерлеринен тиккелей мағлыўмат алыў имканиятына ийе болды.

Республикамыздағы жоқары билимлендириў системасын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланып, алдын бағдарламада қатнаспаған жоқары оқыў орынларының ўәкиллерине әмелий жәрдем көрсетиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Erasmus+  бағдарламасы тек Европа Аўқамы емес, ал FМДА мәмлекетлери, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм дүньяның басқа регионларындағы университетлер менен бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларының бири болып есапланады.

Erasmus+  бағдарламасының әҳмийетлилиги сонда, оның ҳәр қыйлы илажлары ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў имканиятлары үнлес болып, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында белгиленген мақсетлерди әмелге асырыўға хызмет етеди.

Атап өтилгениндей, 2015-2020-жылларда жәми 6 таңлаў шеңберинде жоқары билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша 43 жойбар, соннан Европа ҳәм Өзбекстан университетлериниң қатнасыўында 12 миллий жойбар, 11 регионлараралық ҳәм 20 аймақлық жойбарлар Орайлық Азия мәмлекетлери менен биргеликте қаржыландырылды.  Өзбекстанның қатнасыўындағы 43 жойбардың улыўма бюджети 36,6 миллион евроны қурайды.

Усы әмелге асырылып атырған үгит-нәсият компаниясы мәмлекеттеги университетлердиң санын 2017-жылдағы 77ден 2021-жылда 152ге жеткенин есапқа алған ҳалда, Tempus va Erasmus+ жойбарларында тәжирийбеге ийе болмаған университетлерди қамтып алыў ҳәм оларды тартыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги