Ҳаял-қызлардыӊ жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теӊлиги ҳәм шаӊарақ мәселелери бойынша республикалық комиссиясы жанындағы «Исбилермен ҳаял-қызлар клубы» ағзалары менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда «Исбилермен ҳаял-қызлар клубы» ағзалары тәрепинен аймақларда исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлардыӊ қаржы саўатлылығын арттырыў, бизнес идеяларын ҳәм жойбарларын қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша аймақларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз барды.

Сондай-ақ, исбилерменлик жумысын енди баслап атырған исбилермен ҳаял-қызлар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерилип, субсидиялар, жеӊилликли кредитлер ажыратыў ҳәм басқа материаллық инструментлер менен байланыслы мәселелерде исбилерменлерге көрсетилип атырған әмелий жәрдемлер ҳаққында толық түсиник берилди.

Сөйлесиў барысында Президентимиздиӊ 2024-жыл 7-марттағы «Ҳаял-қызлардыӊ исбилерменлигин жолға қойыў ҳәм раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарыныӊ орынланыўыныӊ бүгинги күндеги жағдайы көрип шығылды.

Ушырасыў даўамында «Исбилермен ҳаял-қызлар» клубы ағзаларыныӊ келешектеги режелери ҳәм усыныслары да тыӊланды.

Н.Абдураимова, ӨзА