Арал теңизине туристлерди саяхатқа алып шығыў менен шуғылланыўшы нөкисли исбилермен Тазабай Өтеўлиев акуланың тисин тапқанлығын Қарақалпақстан хабар агентлигине мәлим етти.

– Биз бул 2 дана акула тисин Ақтумсықта, яғный Үстир платосынан Арал теңизине түсерлик жерде таптық, – дейди Т.Өтеўлиев. – Қәнигелерден сорасам, акуланың тиси екенлигин ҳәм бул тислер миллионлаған жылларға тийисли екенлигин айтты.

Аралда акула болған ба, деген саўал көпшиликти қызықтырса керек.

Мойнақ районындағы Үлкетаныў музейинде Арал теңизи ултанынан, Үстирттен табылған усындай акулалар тиси көргизбеге қойылған. Шет елли ҳәм жергиликли саяхатшылар қызықсынып сорайды: Арал теңизинде растан-ақ акула болған ба?

Арал теңизи толып-тасқан ўақытлары балықшылық пенен шуғылланған мойнақшы нураный Алмас Тобашев былай дейди: «Мен 40 жыл Аралда балық аўладым, балықтың түр-түрин көрдим. Теңиз тартылған жыллары олардың қалай өлгенлерин көрдим, лекин акула көрмедим. Мойнақтың музейине қойылған акуланың тислери бурын Каспий менен Арал бир болып турған ўақытлардағы тис болыўы мүмкин».

Акула тислери Үстирт үстинде де табылған.

Нөкисли Аяп Исмайлов бул ҳаққында былай дейди: «Үстирт үстинде 25 жылдай жумыс иследим. Шақпақты (Үстирттеги газ кәни)да Тетис океанынан қалған ойпатлық жер бар. Сол жерде акуланың көплеген тислерин тапқан едик. Және бир жыллары германиялық студентлер менен Арал теңизи ултанына саяхат еттик. Олар Аралдың ултанында акуланың тислерин, жақларын тапқан еди. Демек, Аралда акула болған. Бирақ, қайсы дәўирге тийисли екенлигин илимпазлар билиўи мүмкин.»

Илимий дәреклер бурын Каспий теңизи менен Арал теңизи бир болғанлығын, Үстирт, Қарақум, Қызылқум сыяқлы шөлистанлықлар Тетис океанының асты болғанлығын тастыйықлайды.

Үстирт үстинде, Қызылқумда бақаншақлардың көп гезлесетуғыны буның айқын дәлийли.

Википедия мағлыўматына көре, Тетис океаны дерлик миллиард жыл өмир сүрген (б.э.ш. 850 млн. жылдан 5 млн. жылға шекем).

Үстирт, Қарақум, Қызылқум сыяқлы шөлистанлықлар болса буннан 20-30 млн. жыл алдын пайда болған.

Үстирт Кайнозой эрасы орталары қалдығы болып (21 млн. жыл алдын пайда болған), еки материктиң соқлығысыўынан жоқары шығып қалған.

Демек, Үстирт үстинде табылған акулалар тиси аз емес, көп емес 20 млн. жыллық тарийхқа ийе.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги