Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында» пәрманы тийкарында мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында олардың сапасын, оперативлигин, ашық-айдынлығын ҳәм пайдаланыў имканиятын түп-тийкарынан арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметлердиң ҳәр бир түри бойынша «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципине бола мәмлекетлик хызметлер көрсетиў механизмин, бәринен бурын, артықша тәртип-қағыйдаларды сапластырыў, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер зәрүр ҳүжжетлер менен мәлимлемелерди басқа структуралардан еркин түрде алыўы есабынан әпиўайыластырылмақта.

Президентимиздиң жоқарыдағы атап өтилген пәрманына муўапық республикамыздағы барлық Пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў бөлимлери менен Пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў архиви Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги қурамына өткерилди. Бул пуқараларымыз ушын бир қанша жеңилликлер жаратып береди. Атап айтқанда, бурынғыдай Пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў бөлимлери менен Пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў архивине келип жүрместен орынлардағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы өз мүтәжликлерин питкериў имканиятына ийе болды.

Және бир әҳмийетли тәрепи, перзент туўылғанлығын рәсмийлестириў ушын ПҲАЖ уйымларында композит (бирлестирилген) хызметлердиң жолға қойылғанлығы болып табылады.  Яғный туўылғанлықты дизимге алыў, баланы поликлиникаға дизимге қойыў, туратуғын жери бойынша дизимге алыў, бир мәртелик напақа пулын тайынлаў, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине гезекке қойыў сыяқлы хызметлер бир ўақыттың өзинде әмелге асырылады.

Тараўға соңғы мәлимлеме коммуникация технологияларының енгизилиўи халыққа көрсетилип атырған хызметтиң сапасын, оперативлигин ҳәм қолайлығын арттырыўға хызмет етпекте. Усының нәтийжесинде бүгинги күнге 3 миллион 730 мыңнан аслам акт жазыўлары ПҲАЖ бирден-бир электрон архивиниң мәлимлеме системасына бириктирилди.

Соның менен бирге, пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатларға айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күнге қалалық ҳәм районлық Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен  Пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў архивине быйылғы жылдың басынан бери усы күнге шекем 28845 мүрәжат келип түскен болса, олардың барлығына өз ўақтында тийисли жуўап берилди. Солай екен, алдағы ўақытлары да пуқараларымыздан келип түсип атырған  ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмайды.

 

Нуржаҳан ШЫЛМАНОВА,

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ПҲАЖ архивиниң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги