Мәмлекетимиз Президенти Ш.Мирзиёев 2017-жыл 15-16-декабрь күнлери республикамызға еткен сапары даўамында Қараөзек районындағы темир рудасының үлкен резервине ийе Тебинбулақ кәнин өзлестириў перспективаларына айрықша тоқтап өткен еди.
Мине, арадан бир ай өтпей-ақ, усы жылдың 12-январь күни Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Тебинбулақ кәни базасында таў-металлургия комплексиниң қурылысы» инвестициялық жойбарды әмелге асырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, бул кәнди өзлестириў еки басқышта әмелге асырыладыҮ 2021-жылдан баслап жылына 1 миллион тонна полат ислеп шығарылады ҳәм комплекс 2024-жылы толық иске түсириледи. Сондай-ақ, жойбарда шойын ҳәм полат алыўда домен емес технологияны қолланыў нәзерде тутылған. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы геология, жанылғы-энергетика, химия, нефть-химия ҳәм металлургия мәселелери бойынша комплекси тәрепинен «Тебинбулақ кәнинде алдағы ўақытта шойын ислеп шығарыўды жолға қойыў» жойбарының техника-экономикалық тийкарлары тастыйықланды. Бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң қурамында арнаўлы Дирекция шөлкемлестирилди ҳәм оның қәрежетлерин қаржыландырыў усы акционерлик жәмийети өзиниң қаржылары есабынан әмелге асырыў белгиленген. Жойбарды әмелге асырыў жумысларын шөлкемлестириў және муўапықластырыў бойынша Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматовтың басшылығында жумысшы комиссияны дүзиў белгиленди. Жумысшы комиссиясына жойбарды әмелге асырыў, қурылыс ҳәм қурылыс-монтажлаў жумыслардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы үстинен мәпдар министрликлер менен ведомстволардың жумысларын муўапықластырыў ҳәм мониторинг өткериў жүклетилген.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Өзбекистан Республикасының жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм кадастр Мәмлекетлик комитети менен биргеликте белгиленген тәртипте турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен жер участкаларын ажыратыў ҳәм усы мүнәсибет пенен жергиликли бюджет ҳәм басқа да дәреклер есабынан конпенцацияларды төлеўди (фермер хожалықларының көрген зыяны, кесилген тереклер ҳәм халықтың басқа мәнзилге көширилиўи себепли) тәмийинлейди.
Инвестицияларды тартыўға бағдарланған жаңа бағдарламаға муўапық 2018-2019-жылларда республикада улыўма баҳасы 4,5 триллион сумға тең 1300 ден аслам жойбар әмелге асырылады ҳәм дерлик 10 мың жумыс орны жаратылады. Соның ишинде, санаат тармақларында баҳасы 492 миллион долларға тең болған 232 инвестициялық жойбар турмысқа енгизиледи. Соның менен бирге, республикада жанылғы-энергетика ҳәм кән-металлургия тараўында улыўма баҳасы 3,4 миллиард доллардан аслам бес ири жойбарды енгизиў режелестирилген.
Бул болса, Қарақалпақстан Республикасының елимиздиң социаллық-экономикалық турмысында тутқан орны барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.
Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы