Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 25-ноябрьдеги «Улыўма пайдаланылатуғын транспортта жолаўшы тасыўда жол ҳақыны төлеўдиң автоматластырылған системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, жәмийетлик транспортта жолаўшыларды тасыўда заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологияларын енгизиў арқалы халыққа транспорт хызметлерин көрсетиў сапасын жақсылаў, жол ҳақыны жыйнаўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, улыўма пайдаланатуғын транспортта жолаўшы тасыў системасын буннан былай да жетилистириў, автоматластырылған төлеў системасын басқышпа-басқыш енгизиў белгиленген еди.
Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жолаўшыларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде Нөкис қаласы ишиндеги транспорт хызметин көрсетип атырған 30 дан аслам автобусларға «Автоматластырылған транспорт төлеў системасы» қурылмалары орнатылмақта. Бул ҳаққында ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Бул қурылмалар арқалы жолаўшылар жол ҳақы ушын төлемлерди нақ пулсыз, өзлериндеги қәлеген банк пластик карталары арқалы әмелге асырыў мүмкиншилигине ийе болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.