Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы  раўажланыў мақсетлери менен үнлес түрде майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, оларды мийнет етиўге кеңнен тартыў арқалы турмыс сапасы ҳәм дәрежесин арттырыў және майыплығы болған шахслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде:

  1. 2022-жыл 1-январьдан баслап Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен жумыс бериўшилерге (бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры (капиталын)да мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған юридикалық тәреплер буған кирмейди) ҳәр бир хызметкер ушын 6 ай даўамында ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси муғдарында субсидия берилетуғыны белгиленсин.

Онда, майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен шөлкемге субсидия бериўде Бирден-бир миллий мийнет системасында  дизимнен өткерилген  мийнет шәртнамасы тийкар болып есапланады.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Э.Мухитдинов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў  агентлиги (А.Инаков) менен биргеликте  бир ай мүддетте  Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен жумыс  бериўшилерге  субсидия бериў тәртиби ҳаққындағы Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 2022-жыл 1-марттан баслап:

а) Салық колексиниң 380-статьясы биринши бөлимине муўапық  балалықтан майыплығы болған шахслар және 8 ҳәм 88 топар майыплығы болған шахслар ушын дәрамат салығы бойынша  белгиленген жеңиллик мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 1,41 есесинен 3 есесине шекем арттырылады;

б) 2024-жыл 1-мартқа шекем  жумыс бериўшилерге (бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры (капиталын)да мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған юридикалық тәреплер буған кирмейди) олар тәрепинен майыплығы болған шахслар ушын топланған  социаллық салық суммасы Мәмлекетлик бюджеттен толық қайтарып  бериледи.

Онда, социаллық салық суммасы майыплығы болған шахслардың  алты ай  даўамында үзликсиз  мийнет етиўин әмелге асырыўы шәрти менен  жетинши айдан  баслап қайтарылады.

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) бир ай мүддетте Салық кодексине усы бәнтке муўапық майыплығы болған шахслар ушын дәрамат салығы бойынша белгиленген жеңилликлерди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Майыплығы болған шахслардың жумыслары бойынша уйымлараралық кеңес (кейинги орынларда – Уйымлараралық кеңес) қурамына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан гереңлер жәмийети, Өзбекстан майыплар ассоциациясы ҳәм Исбилермен майып-ҳаял-қызлар миллий ассоциациясының басшылары киргизилсин.

Уйымлараралық кеңеске  майыплығы болған шахслардың бәнтлигине жәрдем бериў  бойынша төмендеги  қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

майыплығы болған шахслардың билимлендириў мәкемелеринде инклюзив билим алыўын раўажландырыў, оларды  кәсипке таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырып барыў ушын  альтернатив түрдеги оқыў материалларынан пайдаланыў  имканиятларын кеңейтиў;

билимлендириў мәкемелерин питкериўши майыплығы болған шахслардың усыныс етилген кәсиплер бойынша белгиленген тәртипте кәрхана ҳәм шөлкемлерде әмелият  өтеўин шөлкемлестириў;

майыплығы болған шахслардың  кәрхана ҳәм шөлкемлердеги жумыс орынларын үскенелеў, бейимлестириў  ҳәм олардың жумыс ислеўи ушын зәрүр  мийнет шараятларын жаратыў;

майыплығы болған шахсларды олар жумысқа жайласқаннан соң ҳәм исбилерменлик, өнерментшилик ямаса  өзин-өзи бәнт етиў жумысын баслағаннан кейин қоллап-қуўатлаў механизмлерин енгизиў.

Уйымлараралық кеңеске  басшылық етиў Саўда –санаат палатасының баслығы А.Икрамовқа жүкленсин.

  1. Мәмлекетлик буйыртпашыларға электрон кооперация биржасы порталында дизимнен өткен, ислеўши хызметкери улыўма санының кеминде 50 проценти майыплығы болған шахслардан ибарат ҳәм майыплығы болған шахслардың мийнетине ҳақы төлеў фонды улыўма мийнетке ҳақы төлеў фондының кеминде 50 процентин қурайтуғын, бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери есапланған юридикалық тәреплер (кейинги орынларда – бирден-бир қатнасыўшысы болған шахслардың жәмийетик бирлеспелери есапланған юридикалық тәреплер) менен олар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди сатып алыў бойынша тиккелей  шәртнамалар дүзиўге руқсат етилсин.

бирден- бир қатнасыўшысы  майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери есапланған юридикалық тәреплердиң товарларын (жумысларын, хызметлерин) сатып алыў ушын квоталар усыныў тәртиби бийкар етилетуғыны;

усы бәнтке тийкарланып дүзилген, баҳасы базалық есаплаў муғдарының 6 000 есесине шекемги товарлардың (жумыслар, хызметлер) сатып алыныўына  байланыслы шәртнамалар ҳәм оларға қосымша келисимлер «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы» мәмлекетлик унитарлық  кәрханасында  экспертизадан өткерилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан ҳәр жылы  500 ге шекем майыплығы болған  жасларды  социаллық қоллап-қуўатлаў  мақсетинде төмендеги бағдарлар ушын субсидия  ажыратып барыў системасын енгизсин:

мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде кәсип-өнерге үйретиў, оларда кәсиплик көнликпелерди қәлиплестириў,  мәлимлеме технологиялары, компьютерде программаластырыў әмелияты, улыўма билимлендириў пәнлери ҳәм шет тиллерин үйретиў,  сондай-ақ, зәрүр жағдайларда жасаў ҳәм транспорт қәрежетлерин қаплаў ушын;

кәсипке таярлаў, қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў, исбилерменлик ҳәм кәсип-өнерге үйретиў курсларын табыслы тамамлаған және арнаўлы сертификатты алған, сондай-ақ, исбилермен ямаса өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткенлерге  әсбап-үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын.

Субсидиялар  ҳәр бир майыплығы болған жастың талабына муўапық, базалық есаплаў муғдарының  50 есесине шекемги  муғдарда усы бәнтте көрсетилген бағдарлардан биреўи ушын ажыратылатуғыны белгиленсин.

  1. «Эл-юрт умиди» қоры (А.Бекмуродов) Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) менен биргеликте усы қордың қаржылары есабынан 2022-жылдан баслап ҳәр жылы таңлаў тийкарында таңлап алынған 20 ға шекемги майыплығы болған талантлы жаслардың жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде, соның ишинде,  онлайн курсларда билим алыўын шөлкемлестирсин.
  2. Майыплығы болған шахслардың мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, мәмлекетлик кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде (кейинги орынларда – мәмлекетлик уйымлар) өзиниң жумыс ислеўин алып барыўының төмендеги  механизмлери енгизилсин:

а) Мәмлекетлик хызметлер агентлиги (У.Муҳаммадиев):

2022-жыл 1-мартқа шекем ҳәр бир аймақта биреўден мәмлекетлик хызметлер орайында майыплығы болған шахслардың оларға сәйкес келиўши лаўазымларда (оператор, консультант, инспектор ҳәм басқалар) ислеўи ушын  қолайлы шараятларды жаратқан ҳалда жумыс ислеўин алып барыўын (кейинги орынларда – тәжирийбе-сынақ жойбары) тәмийинлесин;

2022-жыл 1-сентябрьге шекем  тәжирийбе-сынаў жойбарының нәтийжелерине бола усы әмелият барлық мәмлекетлик хызметлер орайларында енгизилсин;

б) Медициналық-социаллық хызметлерди  раўажландырыў агентлиги (А.Инаков) Бәнтлик ҳәм мийнет   қатнасықлары министрлиги (Э.Мухитдинов) және Мәмлекетлик хызметлер агентлиги (У.Муҳаммадиев) менен биргеликте тәжирийбе-сынаў  жойбарын талласын ҳәм оның нәтийжелери тийкарында 2022-жыл 1-апрельге шекем  мәмлекетлик уйымларда (соның ишинде, басқа хожалық жүргизиўши субъектлерде) майыплығы болған шахслардың жумыс алып барыўы ушын  жумыс орынлары ҳәм кәсиплерин бейимлестириў  бойынша усыныслар, сондай-ақ, олардың жумыс ислеўи мүмкин болған  кәсип ҳәм лаўазымлардың дизимин тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары  жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

в) Саўда-санаат палатасы (А.Икрамов) майыплығы болған шахсларды  жумыс пенен тәмийинлеў, олардың бизнес жүргизиўине жәрдем бериўде  жергиликли ҳәм сырт елли исбилерменлик субъктлериниң кеңнен қатнасыўын тәмиийнлеў бойынша барлық зәрүр илажларды көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы «Майыплығы болған шахсларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық хызметлердиң сапасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5217-санлы қарарында 2022-жыл 1-майдан баслап «Социаллық хызмет» электрон платформасы (кейинги орынларда – Платформа) иске қосылыўы белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Медициналық-социалық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков):

Платформа майыплығы болған шахслардың электрон мағлыўматлары, олардың  социаллық белсендилигин арттырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, медициналық-социаллық хызметлер бойынша жедел мүрәжат етиў сыяқлы мәселелерди өз ишине алыўын тәмийинлесин;

Платформаны жетилистириў бойынша буйыртпашы функциясын әмелге асырсын ҳәм оның үзликсиз жумыс ислеўин тәмийинлесин.

  1. Майыплығы болған шахсларды нәтийжели қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Социаллық хызмет» электрон платформасында:

а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Азизов) медициналық, психологиялық мәсләҳәт алыў бойынша онлайн мүрәжатларды қабыл етиў,  турақлы түрде жедел мәсләҳәтлер берип барыў және басқа да медициналық хызметлер көрсетиў илажларын көрсин;

б) Туризм ҳәм спорт министрлиги (У.Азамов) майыплығы болған шахслардың денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғыланныўы және оларға жеңилликли хызметлер көрсетиў илажларын көрсин;

в) Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Г.Маъруфова) «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген, майыплығы болған ҳаял-қызларға көрсетилип атырған социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем түрлери ҳәм мүтәж халыққа субсидиялар ҳәм басқа да жойбарлар ҳаққындағы мағлыўматларды жайластырыў илажларын көрсин;

г) Мәмлекетлик хызметлер агентлиги (У.Мухаммадиев) Мәмлекетлик хызметлер орайлары, соның ишинде, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў (санаторийларда, пансионатларда ҳәм басқа да мәкемелерде емлениў ушын жолламалар алыў) илажларын көрсин;

д) Мәденият министрлиги (О.Мирзаев) майыплығы болған шахслар, әсиресе, майыплығы болған жаслардың музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде «устаз-шәкирт» принципи тийкарында оқыўы, шөлкемлестирилип атырған мәдений илажларда қатнасыўына жәрдемлесиў бойынша хызмет көрсетиў илажларын көрсин;

е) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Э.Мухитдинов):

«Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексине киретуғын бос (вакант) жумыс орынлары миллий базасын интеграциялаў илажларын көрсин;

майыплығы болғын шахсларды кәсип-өнерге үйрететуғын онлайн дөгереклерди шөлкемлестирсин ҳәм оқыў қолланбалары ҳәм видеоматериалларды, «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары ҳәм оқыў орайларының мәнзиллери, олардағы оқыў курслары ҳәм мүддетлери ҳаққындағы мағлыўматларды жайластырсын;

ж) Саўда-санаат палатасы (А.Икрамов), «Өнермент» ассоциациясы (У.Абдуллаев) өнерментшилик жумысын баслаў ушын әсбап-үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алыўға субсидия ажыратыў, ассоциацияға ағзалық төлемин қаплаў ушын субсидия бериў, «устаз-шәкирт» принципи тийкарында майыплығы болған шахсларға усыныс етилген кәсип-өнерлерге үйретиў илажларын көрсин;

з) Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев):

майыплығы болған жасларға өзин-өзи бәнт етиў, оларды исбилерменликке тартыў, кәсип-өнерге оқыў ушын енгизилген субсидиялардан пайдаланыўда жәрдемлесиў;

майыплығы болған жаслардың шет тиллерин үйрениў ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде оқыў қәрежетлерин қаплаў, олардың әсбап-үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алыўына жәрдемлесиў илажларын көрсин;

и) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (К.Каримов) жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған ҳәм оқыў нийетиндеги майыплығы болған жаслар ушын билимлендириў мәкемелери тәрепинен берилген жеңилликлер ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы мағлыўматларды жайластырып барыў илажларын көрсин;

к) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (О.Пекось) майыплығы болған, соның ишинде, көзи әззи ҳәм көриўде нуқсаны болған шахслардың Платформада қолайлы ҳәм бийпул пайдаланыўын тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Э.Мухитдинов) 2022-жыл 1-февральдан баслап майыплығы болған шахсларды жумысқа жайластырыў ушын район (қала)лар ҳәкимлериниң қарары менен белгиленген жумыс орынларының ең аз саны ҳәм жумыс бериўшилер тәрепинен жумыс орынлары резервке қойылғаны ҳаққындағы мағлыўматлардың «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексине киретуғын бос (вакант) жумыс орынлары миллий базасында реал ўақыт режиминде көрсетилип барылыўын тәмийинлесин.

Онда, Медициналық-социаллық хызметлерди раўажаландырыў агентлиги медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен майыплығы болған шахстың жумыс ислеўи усыныс етилген кәсиплер ҳаққындағы мағлыўматлар «Бәнтлик хызмети» мәлимлеме системасына электрон түринде жибериледи.

  1. 2022-жыл 1-февральдан баслап:

а) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов) қарамағында профессионал билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте барлық аймақлардағы кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумларда майыплығы болған шахсларды кәсип-өнерге үйретиў бойынша ҳәр шеректе қысқа мүддетли курсларды шөлкемлестирсин.

Онда, қысқа мүддетли курслардың оқыў бағдарламалары мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерди есапқа алған ҳалда Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги, Өзбекстан майыплар ассоциациясы, Өзбекстан майыплар жәмийети, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети ҳәм Өзбекстан гереңлер жәмийети менен биргеликте ислеп шығылады;

б) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Э.Мухитдинов) «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларында майыплығы болған шахслар ушын усыныс етилген ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер, шет тили, компьютер билимданлығы ҳәм компьютерде программаластырыў тийкарлары бойынша турақлы түрде оқыў курсларын шөлкемлестирсин.

Онда, оқыў курс (топар)ларын шөлкемлестириўде майыплығы болған шахслар ушын имарат-объектлерди бейимлестириў, тийисли шараятларды жаратыў, үскенелеў, оқыў қураллары ҳәм оқыў-методикалық материаллар менен тәмийинлеўге байланыслы қәрежетлер Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры ҳәм сырт ел грантлары менен кредитлери есабынан әмелге асырылады.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Э.Мухитдинов):

а) 2022-жыл 1-июльден баслап Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан майыплығы болған шахслардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў менен шуғылланатуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге базалық есаплаў муғдарының 200 есеси муғдарында төмендеги илажларды қаржыландырыў шәртлерин нәзерде тутатуғын социаллық буйыртпа қаржыларын ажыратыў системасын енгизсин:

майыплығы болған шахслар ушын усыныс етилген кәсиплер ҳәм олардың қызығыўшылықларынан келип шығып бул шахсларды кәсип-өнерге таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине бағдарлаў;

социаллық мүтәж халық қатламларына тийисли шахслары квоталанған ең кем санынан артық муғдарда жумысқа қабыл еткен ҳәм олар ушын жумыс орынларын бейимлестирилген жумыс бериўшилер тәрепинен бар жеңилликлерден пайдаланыў дәрежесин арттырыў;

майыплығы болған шахсларды исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиў жумысына тартыў ҳәм олар ушын социаллық тәмийнатқа байланыслы мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт бериў және олардың ҳуқықый сана-сезимин арттырыў;

б) 2022-жылдан баслап майыплығы болған шахсларды кәсип-өнерге оқытыў бойынша әмелдеги тәртиплер тийкарында ажыратылатуғын грант муғдарын кеминде 2 есеге арттырсын;

в) 2022-жыл 1-мартқа шекем майыплығы болған шахслардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў менен шуғылланатуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге социаллық буйыртпа бериў, сондай-ақ, таңлаў шәртлери ҳәм оны өткериў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

г) 2022-жыл 1-майға шекем мәмлекетлик уйымларда майыплығы болған шахслардың белгиленген квоталарға муўапық жумысқа қабылланыўы жағдайын үйрениў шығып, үйрениў нәтийжелери бойынша әмелий илажлар бағдарламасы жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Майыплығы болған шахслар арасында олардың турмысын жақсылаўға қаратылған ең жақсы социаллық жойбарларды хошаметлеп барыў мақсетинде 2022-жылдан баслап төмендеги номинациялар бойынша республикалық таңлаўлар шөлкемлестирилсин ҳәм өткерип барылсын:

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги тәрепинен «Ең жақсы социаллық жойбар»;

Саўда-санаат палатасы тәрепинен – «Ең жақсы исбилермен»;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен – «Ең жақсы студент»;

Туризм ҳәм спорт министрлиги тәрепинен – «Ең жақсы спортшы»;

Мәденият министрлиги тәрепинен – «Ең жақсы китапқумар»;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен – «Ең жақсы жумыс бериўши».

Онда, таңлаў нәтийжелери ҳәр жылы «3-декабрь – Халықаралық майыплар күни» алдынан жәрияланады ҳәм таңлаў жеңимпазлары шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди.

  1. Көзи әззи ҳәм көриўде нуқсаны болған шахслардың билим алыўын сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыў ҳәм майыплығы болған шахслар ушын китаплар, журналлар ҳәм баспа материаллар (текст, нота жазыўы, иллюстрациялық материаллар, Брайль жазыўындағы китаплар ҳәм аудиокитаплар) базасын кеңейтиў бойынша төмендеги илажлар әмелге асырылсын:

Мәденият министрлиги (О.Назарбеков) 2022-жылдың ақырына шекем барлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплерине көзи әззи ҳәм көриўде нуқсаны болған шахслар ушын мөлшерленген текст ҳәм нота жазыўларының альтернатив түрлери бийпул тәризде жеткерип берилиўин тәмийинлесин;

Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) 2022-жылдың ақырына шекем:

а) оқыў материалларының аудиокитапларын ҳәм аудио лентадағы жазыўларды жазып алыў, Брайль жазыўындағы китапларды таярлаў ҳәм билимлендириў мәкемелерине жеткерип бериў илажларын әмелге асырсын;

б) өз алдына билим алыўға талабы болған балалардың ата-аналары ушын методикалық усыныслар ислеп шығылып, оларға жеткерип берилиўин тәмийинлесин.

Онда, бул илажларды әмелге асырыўға байланыслы барлық қәрежетлер 2022-жылы тармақ министрликлерине ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылады.

  1. Саўда-санаат палатасы Туризм ҳәм спорт министрлиги, «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте майыплар жәмийети, Өзбекстан майыплар ассоциациясы менен биргеликте 2022-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында майыплығы болған шахслар тәрепинен қол мийнети менен таярланған өнимлердиң көргизбе саўдаларын турақлы түрде шөлкемлестириў әмелиятын енгизсин.

Көргизбе саўдалары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында шөлкемлестирилетуғын өнерментшилик өнимлери саўда павильонларында турақлы жумыс алып барыўы тәмийинленеди.

Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов усы көргизбе саўдаларын нәтийжели ҳәм толық түрде әмелиятқа енгизиў бойынша жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Э.Мухитдинов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте майыплығы болған шахслар жәмийетлери қарамағындағы кәрханалардың жумысын түп-тийкарынан модернизациялаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша үйрениў ҳәм баҳалаў жумысларын шөлкемлестирсин ҳәм үйрениў процесинде төмендеги бағдарларға итибар қаратсын:

майыплығы болған шахслар жәмийетлери қарамағындағы кәрханалардың финанслық-экономикалық, техникалық ҳәм технологиялық жағдайын таллаў, оларды модернизациялаў, жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўдың анық дәреклерин белгилеў;

социаллық кәрхана, социаллық исбилерменлик, социаллық өним, социаллық квота, социаллық жуўапкершилик түсиниклери ҳәм оларды әмелиятқа енгизиў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбесин таллаў;

социаллық кәрханалар кластерлериниң жумысын, биринши гезекте, майыплығы болған шахслардың талапларын қанаатландырыўға қаратылған, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған социаллық өнимлер (товарлар, хызметлер), заманагөй медициналық реабилитация қуралларын ислеп шығарыўға бағдарлаў;

«Өзбекстанда ислеп шығарылған өним» товар белгиси астында өндиристи, кооперация ҳәм жумысты үйге алып ислеўди кеңейтиў, өнимлер (товарлар, хызметлер) түрлери ҳәм перспективалы базарларға экспортты көбейтиўдиң анық илажларын белгилеў;

социаллық кәрханалар кластерлериниң аймақларда ҳәм сырт мәмлекетлерде саўда үйлери ҳәм фирма дүканларын шөлкемлестириў;

социаллық кәрханалар кластерлеринде ислеп шығарылған товарларды биржа саўдаларында сатыў, мәмлекеттиң зәрүрлиги ушын сатып алыў ҳәм резервке алыўдың механизмлерин жетилистириў;

көзи әззилер, герең-сақаўлар ҳәм басқа түрдеги майыплығы болған шахсларға, соның ишинде, балалардың денсаўлығын реабилитациялаўға қәнигелескен орайлар, билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм ағартыўшылық орынлары сыяқлы социаллық инфраструктуралардың жумысын ҳәм материаллық-техникалық базасын, билимлендириўдиң өндирис пенен интеграциясының әмелдеги системасын сын көзқарастан таллаў;

заманагөй менеджмент ҳәм маркентингке тийкарланған басқарыў ҳәм жумысшы кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын қәлиплестириў мәселелери бойынша тиккелей орынларға шығып үйренген ҳалда терең таллаўларға тийкарланған усынысларды ислеп шығыў.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Э.Мухитдинов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.Холхўжаев), Қаржы министрлиги (Ж.Абруев), майыплығы болған шахслар жәмийетлери менен биргеликте ҳәм БМШтың Раўажланыў бағдарламасы, Жәҳән банки ҳәм ЮНИСЕФтиң техникалық жәрдемин тартқан ҳалда, 2022-жыл 1-апрельге шекем үйрениў нәтийжелери бойынша майыплығы болған шахслар жәмийетлери қарамағындағы кәрханалардың жумысын комплексли (соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери тийкарында) раўажланыўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын киргизсин.

  1. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан майыплар жәмийети, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан гереңлер жәмийети, Өзбекстан майыплар ассоциациясы ҳәм Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы қарардың мақсети ҳәм ўазыйпалары, соның ишинде, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаўды үгит-нәсиятлаўшы видеороликлер ҳәм социаллық рекламалар ислеп шыққан ҳалда, ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Э.М.Мухитдинов ҳәм Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң директоры А.К.Инаков белгиленсин.
  3. Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер орынлаўшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2022-жыл 1-июльге шекем мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 21-декабрь