Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма төртинши сессиясында Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариевтиң мағлыўмат бериўинше, быйылғы жыл жуўмағында улыўмалық аймақлық өним көлеми 108,7 процентке, санаат өнимлери өндириси көлеми 111,6 процентке, аўыл хожалығы өнимлери 105,5 процентке, қурылыс-бөлип алып ислеў жумыслары 111,6 процентке ҳәм хызметлер көлеми 124,9 процентке өсиўи күтилмекте.
Халықтың ҳәр адам санына салыстырғанда болса санаат өнимлери өндириси 2020-жылға салыстырғанда 846,8 мың сумға көбейип, 8,1 миллион сумды қураўы ямаса 111,5 процентке өсиўи, хызметлер көлеми болса 1,1 миллион сумға көбейип, 4,5 миллион сумды (133,1%) қураўы мәлим етилди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.