Республикалық көркем әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир басылымы есапланған «Әмиўдәрья» журналы редакциясы тәрепинен жойбар шеңберинде дәслепки «Китаплар – досларым мениң» атамасындағы китап баспадан шықты.

Бурын хабар етилгениндей, өткен жылы «Әмиўдәрья» журналы Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен дағазаланған таңлаўда өзиниң «Китаплар – досларым мениң» атамасындағы жойбары менен қатнасып жеңимпаз болған еди.

2017-жылдан берли редакция тәрепинен жойбар шеңберинде балалардың ҳәм жас өспиримлердиң китап оқыўға болған қызығыўшылығын буннан былай да арттырыў мақсетинде жергиликли баспаларда басып шығарылған жаңа китаплардың авторлары менен әдебий кешелер шөлкемлестирилип келинбекте. Сондай-ақ, белгили жазыўшы-шайырлар тәрепинен бурын кирилл алфавитинде басып шығарылған балалар әдебияты ғәзийнелериниң электрон нусқасын жетилистирип, латын алфавитинде басып шығарыўға таярлаў бойынша да дөретиўшилик жумыслар даўам етпекте.

Биз сизге таныстырып атырған бул китап әне, усы жойбардың дәслепки өними болып табылады. Онда Өзбекистан Қаҳарманы, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсупов, Қарақалпақстан халық шайырлары Т.Қабулов, У.Хожаназаров, Х.Дәўлетназаров сыяқлы белгили жазыўшы-шайырлардың балалар әдебиятына бағышланған шығармалары орын алған.

Әҳмийетли тәрепи сонда, төрт жүз нусқада басып шығарылған бул топлам республикамыздың улыўма билим бериў мектеплериниң мәлимлеме-ресурс орайларына (китапханаларына) бийпул тарқатылмақта.

Мағлыўмат орнында айтып кететуғын болсақ, редакция тәрепинен усы бағдардағы гезектеги китапты баспаға таярлаў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, жойбардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде «Жылдың ең жақсы китабы», «Ең жақсы китапқумар шаңарақ», «Жылдың ең жақсы балалар китабы» номинацияларын қамтып алған таңлаў шөлкемлестириў режелестирилмекте.

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги