Нөкис районы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде, тәлим-тәрбия жумыслары менен бир қатарда, оқыўшы жасларда ана-Ўатанға болған  сүйиспеншилик сезимлерин қәлиплестириў илажларына айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Жақында мектебимиздиӊ 9-11-класс оқыўшылары  ашық есиклер күни шеңберинде пайтахтымызда жайласқан Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының аймақлық оқыў орайына саяхат етти.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының жумысларын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында, мәмлекетимиздиң 3 аймағында атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана ҳәм Жиззақ ўәлаятларында аймақлық оқыў орайлары шөлкемлестирилген еди.

Мине усы оқыў орайында  Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларында хызмет етип атырған әскерий хызметкерлер ҳәм хызметкерлерди басланғыш таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелегин арттырыў бойынша жумыслар алып барылады.

Мектеп оқыўшылары  бул орайдағы оқыў барысы, ондағы жаратылған шараятлар, жаўынгерлик өнери ҳәм мәденияты бойынша жаӊа түсиниклерге ийе болды.

Айырым әскерликке қызығыўшы оқыўшылар болса, оқ жайдан оқ атыў сырларын үйренип, хызмет бабындағы атларға минип шынығыўларға қатнасты.

Сондай-ақ, оқыўшылар орайда шөлкемлестирилген китапханада болып, бул жердеги әдебий китаплар менен жақыннан танысты.

Әлбетте, бундай илажлар оқыўшы жаслардың  әскерий хызметке болған қызығыўшылығының артыўы, олардың қәлбинде өз Ўатанын қорғаўға болған шексиз муҳаббат сезимлериниң жоқарылаўында үлкен әҳмийетке ийе

 

Т. Ешмуратов,

 Нөкис районы 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң

 Жасларды шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәни басшысы

Қарақалпақстан хабар агентлиги