«The Korea Post» газетасында «Өзбекстан-Корея арасындағы бирге ислесиў дипломатиялық байланыслар орнатылғанынан берли жедел раўажланбақта» атамасында мақала басып шығарылды.

Мақалада еки мәмлекеттиң өз-ара байланыслары, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм транспорт-логистика тараўларындағы шериклик темасы кеңнен сәўлеленген. Соның менен бирге, Өзбекстан ҳәм Корея ҳүкиметлери бүгинги күнде мәлимлеме технологиялары, санлы медицина, билимлендириў ҳәм мәденият бағдарларында да нәтийжели бирге ислесиўди қоллап-қуўатлап атырғаны атап өтилген.

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жылы 22-25-ноябрь күнлери Сеул қаласына мәмлекетлик сапары Өзбекстан ҳәм Корея қатнасықларында жаңа бет ашты,-делинеди, мақалада. – Өзбекстанда мектепке шекемги билимлендириў системасына Корея тәжирийбеси кеңнен енгизилмекте. Ташкентте жоқары оқыў орынларының филиаллары ашылған.

Дәректиң хабар бериўинше, мәмлекетлеримиз арасында 2016-жылы 1 миллиард доллар болған саўда айланысы 2019-жылға келип 2,7 миллиард долларға жеткен. Корея капиталының қатнасыўында елимизде жумыс ислеп атырған кәрханалардың саны 2017-жылдың ақырында 510 ды қураған болса, быйыл 1-ноябрь жағдайына бола, бул сан 928 ге өскени де атап өтилген.

– Демек, Өзбекстан ҳәм Кореяның саўда-экономикалық бирге ислесиўи жедел раўажланбақта, деп айтыў мүмкин,-қосымша етеди автор ҳәм пикирин статистикалық мағлыўматлар менен дәлиллейди.

– 2021-жыл январь-октябрь айларында Корея капиталының қатнасыўында республикада 80 кәрхана қурылды. Улыўма алғанда, 2018-2021-жыллары Өзбекстандағы Корея бизнес объектлериниң саны 1,8 есеге көбейди. Мәмлекеттиң Өзбекстанға киргизген инвестициясы улыўмалық есапта 7 миллиард доллардан артқан.

Сондай-ақ, «The Korea Post» газетасында басып шығарылған мақалада еки мәмлекеттиң экономика тараўында әмелге асырып атырған реформалары, атап айтқанда, грант жойбарлары, товар алмасыў, логистика бағдарлары бойынша бирге ислесиў темасына да итибар қаратылған.

 

Беҳруз Худойбердиев таярлады.

ӨзА