Қәдирли дослар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди мәмлекетимиздеги абырайлы медицина мәкемелеринен бири – Республика қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы орайы шөлкемлестирилгениниң 50 жыллығы менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Усы қутлы әййямда Жаңа Өзбекстанда ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў арқалы миллий генофондымызды сақлаў, жас әўладты саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўдай оғада мақтанышлы кәсипке мүнәсип үлес қосып атырған Орайдың көп миллетли аўызбиршиликли жәмәәти – жанкүйер шыпакерлер, илимпаз ҳәм қәнигелер, мийнеткеш мийирбийкелерге пидәкерлик мийнети ушын қызғын миннетдаршылық билдиремен.
Соңғы жылларда инсан қәдирин улығлаўға қаратылған бағдарламаларымыз шеңберинде ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеўге айрықша итибар қаратып атырғанымыз, әлбетте, бийкарға емес. Себеби, бул елимиздеги ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақ, пүткил жәмийеттиң бахты ҳәм келешеги менен байланыслы оғада әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Сол мақсетте, медицинамыздың усы жетекши системасы алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй процесслер тийкарында реформаланып, оның материаллық-техникалық, илимий-методикалық базасы, кадрлар потенциалы, қурамалы структурасы түп-тийкарынан жетилистирилди.
Әсиресе, өткен жылы тарийхый дәстүрлерге ийе болған үш мәкеме негизинде Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайын шөлкемлестиргенимиз бул жолдағы үлкен қәдем болды. Нәтийжеде мәмлекетимизде 9 миллион 200 мыңнан аслам туўыў жасындағы ҳаял-қызларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў ҳәм ҳәмилениң саламатлығын қадағалап барыўдың бир пүтин ҳәм вертикал басқарыў системасы жаратылды, жетилистирилген медициналық профилактика ҳәм патронаж хызметлери жолға қойылды.
Бул ҳаққында сөз болғанда, биринши мәрте елимиздеги ҳәр бир шаңарақ патронаж мийирбийкелер ҳәм «Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасы» бөлимлери арқалы Орай менен байланысқанын, басланғыш буўындағы медициналық бригадалар қурамына 8 мың 500 акушер штаты ажыратылғанын атап өтиў зәрүр.
Бүгинги күнде Орай өз қурамында 14 аймақлық филиал, 46 районлараралық перинатал орай, 170 тен аслам туўыў комплекси ҳәм 209 Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасын бирлестиргени оның үлкен потенциалынан дәрек береди. Бул болса, әне, усы мәкемелердиң жумысын нәтийжели муўапықластырып, басланғыш системада патронаж хызметин сапалы жолға қойыў, ҳәмиледар ҳаял-қызларды скринингтен өткерип, олардың саламатлығын турақлы таллап барыў, бир сөз бенен айтқанда, қәўипсиз аналықты тәмийинлеў имканиятын бермекте.
Орай дүньядағы жетекши медицина орайлары менен тығыз бирге ислесиў қатнасықларын жолға қойып, медициналық диагностика ҳәм емлеўдиң алдынғы усылларын клиникалық әмелиятқа кеңнен енгизип атырғаны да дыққатқа ийе болып есапланады. Атап айтқанда, гинекология бағдарында жылына 1300 ден аслам хирургиялық операциялар табыслы әмелге асырылып атырғаны, 36 түрдеги жоқары технологиялық операциялар жолға қойылғаны қанша ўатанласларымызды артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсап, сырт елге барып емлениў тәшўишинен қутқармақта.
Орай елимиздеги мәмлекетлик емлеў мәкемелери арасында биринши болып халықаралық аккредитациядан өткени оның абырайы тек ғана елимизде емес, ал сырт елде де артып баратырғанын көрсетеди.
Инсан, соның ишинде, ана ҳәм бала саламатлығына қәўип-қәтерлер барған сайын көбейип атырған ҳәзирги қыйын заманда бул бағдарда алдымызда және де әҳмийетли ўазыйпалар пайда болмақта. Бул болса ҳәммемизден ҳәр қашанғыдан да көбирек мийнет етип, излениў ҳәм мобилизацияны талап етпекте.
Усы тараўдың пидайы ўәкиллери болған сиз, әзизлер оны терең аңлаған ҳалда, өз билим ҳәм тәжирийбеңиз, маман ҳәм шеберлигиңиз бенен елимизге және де белсене хызмет етесизлер, деп исенемен.
Өз гезегинде, тараўдың раўажланыўына айрықша әҳмийет бериў, сизлердиң мақтанышлы мийнетиңизди мүнәсип хошаметлеў буннан былай да мәмлекетимиздиң итибар орайында болады.
Сизлерди бүгинги қуўанышлы сәне менен және бир мәрте шын жүрегимнен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли жумысыңызда табыслар ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм бахыт тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти