Республикамызда исбилерменликти раўажландырыў, қоллап-қуўатлаў жумыслары даўам етпекте. Усы бағдарда сырт елли исбилерменлер менен де қатнасықлар жолға қойылып, республикамызға ивестиция тартыў бойынша да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Қытай Халық Республикасы менен саўда байланысларының және де беккемленип атырғанын айрықша атап өтиўимизге болады.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Казбек Артыков Қытай Халық Республикасының Тайан қаласында бизнес сапарында болды. Атап айтқанда, басқарма баслығы Тайан қаласында шөлкемлестирилген «Дүнья жүзилик саўда ушын әжайып Шаньдун» атамасындағы саўда конференциясында қатнасты.

Конференция даўамында К.Артыков «Тайан тоқымашылық ҳәм кийим-кеншек ислеп шығарыў тармағы» баслығы Чэн Ли, партия шөлкеминиң ағзасы, Мәмлекетлик кадрлар ҳәм социаллық тәмийнат басқармасы баслығының орынбасары Чжан Юаньцянлар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда басқарма баслығы К.Артыков Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын жаратылған имканиятлар, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген жеңилликлер ҳәм мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалы ҳаққында мағлыўматлар берип өтти. Буннан тысқары, Тайан қаласы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы арасында саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў бағдарында сөйлесиўлер алып барылды.

Ушырасыў нәтийжесинде, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қытай Халық Республикасының Тайан қаласы ҳүкимети, «Tai’an Xinsi Road Co., LTD.» электрон коммерциялық компаниясы менен бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.

Бизнес сапар даўамында К.Артыков Тайан қаласында жумыс алып барыўшы бир қатар кәрханалардың жумыслары менен танысты. Яғный, «Ropenet group» кәрханасы, ақыллы үйлерди ислеп шығарыўшы «Shandong Taipeng Intelligent Household Products Co., LTD», арнаўлы техникаларды ислеп шығарыўшы «Shandong Yineng Heavy Industry Co., LTD» кәрханаларында болып, ол жерде өндирис жоқары дәрежеде раўажланғанлығының гүўасы болды.


Ушырасыўлар соңында усындай заманагөй өндирислик бағдарларды Қарақалпақстанда да жолға қойыў, енгизиў ҳәм раўажландырыў бойынша келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги