Биз ҳәр күни  телевизордан ҳаўа райы болжамын  айтқан ўақытта,  Үстирт тегислиги деген атаманы еситемиз. Бирақ тәбиятта бундай географиялық объекттиң жоқ екенлиги туўралы ойламаймыз.

Англичан тилинде  plateau, рус тилинде плато, қарақалпақ тилинде үстиртлик деп аталатуғын географиялық объект бар: бул бир аймақта жер бетиниң  әтирапына қарағанда бәлентликте жайласқан бөлеги.  Бундай географиялық объектлерди қарақалпақ тилинде үстирт, қыр деп атап келген. Қарақалпақлар ҳәм қазақлардың географиялық атамалар дәстүринде Үстирт-Астырт жуплығы бар: бәлент Үстиртке қарама-қарсы рәўиште Хорезм ойпаты Астырт деп аталады.

Англичан тилинде  plain, рус тилинде равнина, қарақалпақ  тилинде тегислик деп аталатуғын географиялық объект бар. Оның мәниси сөздиң өзинен көринип тур: мәселен,  Орта Рус тегислиги,  деп айтылады.

Демек, Үстирт тегислиги атамасы – нонсенс, болыўы мүмкин емес нәрсе.

Дурыс географиялық атама: Үстирт, Үстирт платосы, Үстирт үстиртлиги болады.

Мектеплерде «Информатика» сабағы өтиледи. Дийўалларға «Жас информатик» деген стендлер илип қойылыпты. Ал газеталарда информация термини мәлимлеме деп бериледи – яғный информация сөзи қарақалпақ тилиниң сөзлик қорынан өзбасымшылық пенен шығарып тасланған.

Саўал туўылады: Сонда «Информатика» сабағының предмети не?

Информация термининен бийхабар оқыўшы «Информатика» пәнин қалай түсине алады?

Информатик сөзин қалай түсинеди? Егер оны қарақалпақшалап  аўдаратуғын болсақ – хабаршы деймиз бе, мәлимлемеши деймиз бе?

Себеби, информация сөзин гә мәлимлеме, гә хабар деп алып та   былғастырып атырмыз – ғалаба хабар қураллары, мәлимлеме агентлиги.

Информация – адамлар арасындағы, адам менен машина арасындағы, машина менен машина арасындағы мағлыўматларды алмасыўды билдиретуғын улыўмаилимий түсиник. Ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүнйаларындағы сигналлар алмасыўы да информацияға саналады.

Информация  терминин мәлимлеме деп алады екенбиз, усы сөздиң дөренди формаларын – информатизация,  информативность, информированность усаған терминлерди де қарақалпақшалаў керек болады.

Қәне, ҳәрекет етип көрейик: информатизация – мәлимлемелестириў, информативность – мәлимлемелилик, информированность – мәлимлемеленгенлик… Бул қарақалпақ оқыўшыларын жилли қылатуғын әмелият болажақ.

Ал, дезинформация сөзин қалай аўдарамыз? Англичан  ҳәм рус тиллеринен  текстлерди аўдарған ўақытта усы сөзге дус келемиз ҳәм оны қарақалпақшалаў керек болады.

Тилимизде информация терминин қайта тиклеўимиз зәрүр. Сонда жоқарыдағы терминлердиң аўдармалары да бирнәўийе түсиникли болады:  информатизация – информатизацияластырыў,  информативность – информативлик, информированность – хабардарлық…

Мысаллар: Экономикада информатизацияластырыў процесси жүрип атыр. Бул мақалалардың информативлик  дәрежеси төмен. Халқтың сиясаттан хабардарлығы жоқары.

«Информатика ҳәм мәлимлемелик технологиялар»,  деп жазатуғын ҳәм буның логикасызлығын түсинбейтуғын адамларды, шамасы, емлетиў керек болады.

Проблема терминин машқала деп алдық.

Проблема термининиң тийкарғы еки мәниси бар. «1. Шешилиўи тийис қыйын мәселе, ўазыйпа; 2. Адамның/топардың алдындағы қыйыншылық, тосқынлық».

Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигинде машқала атлығы  «ҳәрекет, аўыр салмақлы жумыс, жағдай»,  деп түсиндирилген. Сөздиң мәнисине мынадай мысал келтирилген: «Үйдиң, дүздиң жумысы, тиришилик ғамы, үй ишиниң машқаласы жалғыз Гүлзаданың мойнына түсти» (Н. Дәўқараев).

Ал «Қарақалпақша-русша сөзлик»те  машқала сөзи рус тилине «1. Хлопоты, заботы; 2. Кропотливая работа» деп аўдарылған. Сөздиң қолланылыўына «үй машқаласы – заботы, хлопоты по дому»,  деп мысал берилген.

Ал проблема  сөзиниң дөрендилерин қалай қарақалпақшалаймыз,  деген мәселени де алып қарайық.

Проблемность, проблематичность, проблематика деген дөренди сөзлерди өзлериңиз бир аўдарып, тәжирийбе ислеп көриң.

Бундай тил сындыратуғын сөзлер менен сөйлеў мүмкин емес.

Бул мысаллар машқала сөзиниң проблема термининиң мәнисин бере алмаслығын көрсетеди.

Программа  термини ушын бағдарлама сөзи  алынып жүр.

Программа термининиң тийкарғы мәниси – алдын ала жойбарластырылған ҳәрекетлердиң белгили избе-излиги.

Бул терминниң европалық тиллерде қабылланған формасында белгили бир ҳәрекетлер көлемин қамтып алыў мәниси бар. Ал бағдарлама сөзинде  бағдар бериў, жол силтеў  мәниси бар. Көрип турғанымыздай,  бир-бирине  жуўыспайтуғын түсиниклер. Бул қәте аўдарма да бизиң санамызды ғабырыстырады.

Биз аўдармашылық әмелиятында  мынадай жағдайды көремиз. Бағдар  сөзин рус тилиниң үш сөзин аўдарыўға қолланып атырмыз: программирование – бағдарламаластырыў, ориентировать – бағдарлаў, маршрутизировать – бағдарластырыў.

Демек, раўажланған тиллердеги өз алдына мәниге ийе үш сөзди қарақалпақ тилиниң бир сөзи менен берип,  қарақалпақ оқыўшысының санасында үлкен шатасықты – когнитивлик диссонансты пайда етемиз. Мине, усындай шатасықлардың нәтийжесинде биз пикирлеў қәбилетимизди жойтып бара беремиз.

Бул терминге тийкарланған дөренди сөзлерге дыққат аўдарайық.

Программирование – бағдарламаластырыў, программный – бағдарламалық, программист – бағдарламашы, деп аўдарыў керек болады. Бул  жасалма сөзлер оқыўшы ҳәм студентке контексттен мағлыўмат бермейди. Ал, егер де программаластырыў, программалық, программист,  деп алсақ, не туўралы сөз болып атырғаны түсиникли болады.

Бул сөзлерди айтып ҳәм тыңлап көриң: информациялық технологиялар саласында бағдарламаластырыў,  деген тилди сындыратуғын келисиксиз сөзге қарағанда программаластырыў сөзи айтыўға жеңил  ҳәм сулыў еситиледи.

Демек,  қарақалпақ тилинде программа сөзин сақлап қалғанымыз  мақул болады.

Бағдарлама сөзин путеводитель деген  терминниң аўдармасы ушын пайдаланыўға болар еди.

Айта кетейик, 1930-жыллары программа термини ушын сүлдер деген сөз алынған. Бул да бағдарламадан гөре тәўирлеў, әри программа терминине мәниси жақын, әри  қулаққа жақсы еситиледи.

План терминин жоба, деп алып атырмыз. Ал усы сөзден жасалатуғын  планировка, планирование, планировщик, планиметрия, многоплановый  ҳәм басқа да терминлерди аўдарыў бойынша ойланбадық.

Биз илимий текстлерди англичан, немец, француз, испан ҳәм рус тиллеринен аўдарған ўақытта план выражения, план содержания, изоморфизм языковых планов сыяқлы қурамалы терминлерди қарақалпақшалаўымыз керек болады. Айтайық, многоплановый кризис деген ибараны көпжобалы дағдарыс,  деп аўдаратуғын болсақ, не ҳаққында  сөз баратырғаны түсиниксиз болады.

Проект терминин жойбар деп аўдарып атырмыз.

Усы термин менен түбирлес проекция сөзин илимий текстлерде усы турысында алыўдан басқа илажымыз жоқ. Себеби геометрия ҳәм психология илимлериндеги проекция терминин жойбар деп аўдаратуғын болсақ,  илимий мәни жоғалады. Мәселен,  проекция катета на гипотенузу деген сөйлемди  жойбар сөзин қолланып аўдарып көриң.

Бурынғы доклад  термининиң орнына баянат, протокол термининиң орнына баянлама сөзлерин қолланып атырмыз. Бул екеўи еки басқа ҳүжжет, бирақ бизлер усы еки түрли мәниге  тийкарында бир сөзди қолланып, өзимизди өзимиз алжастырып атырмыз. Бәлким, доклад ушын баянат сөзин қалдырып, протоколды сол турысында алғанымыз мақул болар. Себеби Сыртқы ислер министрлигиниң протокол бөлими деген атаманы баянлама бөлими,  деп аўдара алмаймыз.

Актив сөзин контекстке қарап,  биресе әҳмийетли (күнниң актуал (әҳмийетли) ўазыйпалары), биресе белсендилик (жәмийетлик жумысларда актив болды (белсендилик көрсетти) деп алып жүрмиз.

Ал енди бул сөздиң басқа контекстлерде қолланылыўын –  активизация речевой коммуникации (психология илиминде), ультразвуковая активация  химических процессов  (химия илиминде) – қалай етемиз?

Бул мысаллар актив сөзин өз орнында,  усы турысында қолланыўдың ақылға муўапықлығын көрсетеди.

Бурынғы тилимиздеги процент сөзиниң орнына пайыз сөзи ислетилип атыр.

Латын тилинен алынған, жүзден бир деген анық мәнини беретуғын европалық  процент терминин парсы тилиниң «пайда», «молшылық» деген мәнилерди беретуғын фоиз сөзиниң  пайыз деген бурмаланған формасы менен алмастырдық – хош, қарақалпақ тили буннан не утты?

Ибрайым-аға Юсупов бул процент сөзин пайыз сөзи менен алмастырыўға қарсы шықты ҳәм бул туўралы пикирин баспасөзде жәриялады. Бирақ бизлер уллы шайырымыздың гәпин  қулағымызға да қыстырмадық. Усы ма еди бизиң данышпан шайырымызға ҳүрметимиз?

Мен бул қарақалпақлардың улығларымызды  ҳүрметлеймиз, олардың қәдирин билемиз,  деген гәпине исенбей қалдым.

Ақыры, пайыз сөзиниң қарақалпақ тилинде қәлиплескен «рәҳәт, ҳәзлик» деген мәнилери бар.  Мысалы ушын: «Үйинде пайыз жоқ адам», демек бул адамның үйинде ҳәзлик жоқ.

Оның үстине, ҳүкиметлик ҳүжжетлерде «процент ставкасы» деп қолланып, және былғастырып атырмыз.

Ҳақы, бул былғасықлардан қутылыў ушын, процент терминин қайта тиклеўден басқа илажымыз жоқ.

Агитация ҳәм пропаганда терминлери совет дәўиринде бир мәниде –  коммунистлик идеяларды ийелеўге шақырыў ҳәм оларды түсиндириў мәнисинде қолланылды.  Ол идея басшылықтан қалғаннан соң,   бул сөзлердиң орнына үгит-нәсиятлаў деп ислетиле баслады. Дидактика терминин де  үгит-нәсият деп аўдарамыз. Бул былықпайдан бизиң басымыз испей, енди кимниң басы иседи?

Ҳәзир күнделикли баспасөзде үгит-нәсиятлаў  термини  бурынғы пропагандалаў сөзиниң орнына қолланылып атыр. Сонда агитацияны не деп айтамыз? Агитация ҳәм пропаганда – бири-бирине жақын, бирақ өз  алдына мәнилерине ийе терминлер.

Агитация – бул адамларды бир белгили бир ҳәрекетке шақырыў.

Пропаганда – белгили бир идеяларды, тәлийматларды ҳәм билимлерди ен жайдырыў ҳәм терең түсиндириў.

Үгит-нәсиятлаў деген жасалма қоспа сөзимиз бул еки терминниң орнын баса алмаслығы ҳәм бизиң санамыздағы түсиниклерди шатастырып атырғаны көринип турыпты.

Терминниң нейтрал мәниге ийе болыўы – бул тил илиминде аксиома. Пропаганда термини нейтрал мәниге ийе. Ал үгит-нәсият сөзи унамлы мәниге ийе.

Және-тағы,  пропаганда сөзи қолланылған жерде контрпропаганда сөзи де келеди – оны қалай аўдарамыз?

Ҳәзир сөйлеў тилинде пропагандист сөзиниң орнына  парсы тилиниң «хошаметлеў» мәнисин беретуғын тарғиб сөзине тийкарланған тәрғийбатшы  атамасы ислетилип атыр.

Медсестра сөзин мийирбийке деп алыў да термин нейтрал мәниге ийе болыўы тийис, деген илимий талапқа жуўап бермейди. Оның үстине усы сөз бенен қатар жүретуғын медбрат сөзин мийираға деп аламыз ба? Кимди бул биймәни сөзлерди айтыўға мәжбүрлей аламыз? Халқ бул ортанғы буўындағы медициналық хызметкерлерди медсестра, медбрат,  деп айтып келген болса, еле солай атайды. Бул бизге рус медицина илими менен келген терминлерди сол турысында қалдырғанымыз дурыс болады.

Усы медицина тараўында врач, санитар, санитарка, процедура, операция, лаборатория ҳәм басқа да толып атырған рус тилинен кирген терминлер бар. Оларды «қарақалпақшалап» ушына шыға алмаймыз.

Укол сөзиниң өзбекше эквивалентин (эмлаш) алып,  емлеў деп былықтырып жүрмиз, оны шаншыў деп айтыў керек. Себеби емлеў термини улыўма даўалаў процессине ислетиледи.

Немец тилинен алынған штраф терминин парсы тилинен алынған жарима сөзи менен алмастырып, не утқанымыз, әлбетте,  маған қараңғы. Жазаның бул түри ушын ески қарақалпақ тилинде айыбана сөзи бар.

Бул тараўдағы мысалларды даўам ете бериў мүмкин.

Биз өзимиздиң усы айырым  бақлаўларымызға жуўмақ жасаўға ҳәрекет етемиз.

Халқралық терминлерди аўдарыўда мына жағдайларды дыққатқа алыў зәрүр болады.

Биринши.  Европа тиллеринен келген халқаралық терминлер қарақалпақ тилин шубарландырады, деген келтеқоныш түсиниктен ўаз кешиў лазым.

Қарақалпақ тилиниң   ҳәзирги заман илими ҳәм техникасының терминлерин англичан ҳәм рус тиллеринен қабыллаўы процесси жүрип атыр ҳәм усылай бола береди.

Усы терминлер тийкарында биз системалы ҳәм комплексли пикирлей аламыз.

Мен жақында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында жәрияланған   рәсмий материалды анализлеп көрдим. Бунда қолланылған сөзлердиң жигирма проценттен асламы рус тилинен кирген халқаралық терминлер еди – экономика,  инвестиция, инновация, модернизация, глобал, инфраструктура, драйвер, мотивация, кооперация, технология,  коммуникация, субсидия….

Мине, усы лексикалық  фонда биз бес-алты сөзди өзимизше  қарақалпақшалаған болғанымыз бенен, қарақалпақ тили  өзлестирме сөзлерден тазаланып қалды ма? Жоқ.

Тилимиздиң сөзлик қурамының өзгерип, жаңаланып ҳәм байып барыўы бул тәбиийий қубылыс.

Егер шама менен алып қарайтуғын болсақ,  қарақалпақ тили лексикалық қорының бестен бир бөлеги – араб ҳәм парсы тилинен кирген сөзлер, және  бестен бир бөлеги  рус тили арқалы кирген халқаралық терминлер…

Қарақалпақ тилинде сондай-ақ қытай ҳәм моңғол тиллеринен кирген сөзлер бар. Мәселен, алтын, гүмис, ҳинжи сөзлери түркий тиллерге қытай тилинен келген.

Екинши. Халқаралық терминлерди аўдарыўда ҳәрбир  таңланған сөздиң мәнилик толыққанлығына  ҳәм айтыўға  қолайлығына  итибар берилмеги лазым. Халқаралық терминлер менен оған эквивалент ретинде таңланып атырған қарақалпақ сөзиниң мәнилик қолланыў салаларын салыстырмалы түрде толық анализлеп көриў керек.

Үшинши. Халқаралық терминлердиң европалық тиллердеги тулғасын қабыллаўдағы мына абзаллықты түсинип алыўымыз зәрүр.

Бизиң оқыўшыларымыз ҳәм студентлеримиз рус, англичан, немец, француз тиллерин үйренеди. Айтайық, проблема термини усы тиллердиң барлығында  (латында ҳәм кирилде) усы көринисте болады. Демек, олар текстте проблема термининиң дөренди формалары менен дус келген ўақытта, проблема термини  оның  ушын мәнилик  көшки сыпатында хызмет етеди ҳәм сол дөренди сөздиң мәнисин бирден түсинип алады. Егер биз машқала сөзинен машқалаластырыў, машқалалық сыяқлы тил сындыратуғын дөренди сөзлерди жасайтуғын болсақ,  қарақалпақ оқыўшысы гәп не туўралы баратырғанын түсине алмайды.

Жоқарыда айтылғанларға тийкарлана отырып,  1990-жыллары баспасөз әтирапындағы жоқары оқыў орнын сырттан оқыған айырым белсендилердиң өзбасымшылығы менен қолланыўға киргизилген проблема, программа, процент, актив, план ҳ. т. б. халқаралық терминлердиң қарақалпақ тилиндеги таңланған эквивалентлери илимий талапларға жуўап бермейтуғынлығы анықланғаны себепли, олардың орнына халқаралық терминлерди өз формасында қолланыўды қайта тиклеўимиз зәрүр,  деп есаплайман.

Тил деген сондай қурамалы қубылыс, бул тараўда ийегиңниң астындағылардан арыдағы нәрселерди көре билиў лазымлығы бар.

Қарақалпақ тилинен басқа тилди билмейтуғын адамлардың (өзбек ҳәм қазақ тиллери – бизге уялас тиллер, олар басқа тиллер саналмайды) қарақалпақ тилин оғада бай тил ҳәм тағы бир бәле-мәттар деп аспанға көтеретуғын лепирме гәплери мени исендирмейди.

Мен қарақалпақ тилиниң ҳәзирги жағдайын реал баҳалаўға уқыплы қәнигемен.

Мениң  айырым лепирме-патриотларға жақпайтуғын пикирим мынадан ибарат.

Қарақалпақ тилиниң ҳәзирги жарлы ҳәм әбигер ҳалында  бул тилде қарақалпақ филологиясынан басқа илимлерди  үйретиў ҳәм үйрениў мүмкин емес, деп есаплайман.

Сонлықтан анық, тәбийий, техникалық ҳәм медициналық қәнигеликлер бойынша жоқары билим  рус ҳәм англичан тиллеринде алып барылыўы зәрүрлигин  ўақыт ҳәм шараятлар көрсетип турыпты.

Президентимиз Ш. М. Мирзиёев  өзиниң сиясатында Россия менен барлық тараўлардағы байланысларды беккемлеўди нәзерде тутады. Соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Россияның билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўи кеңеймекте. Республикада Россияның  жаңадан-жаңа  жоқары оқыў орынларының  филиаллары ҳәм бөлимлери ашылмақта. Өзбекстанлы жаслардың Россияның жооларында билим алыўы ушын мәмлекетлик дәрежеде шараятлар дүзилмекте.

Жоқары билим алыўдың тийкары мектепте жаратылады.

Демек, мектеплерде оқыў процессиниң сапасын  дүнйа стандартлары дәрежесине алып шығыў ушын сабақлықларды жаңалаў керек. Бизлер ҳәзир дүнйа  илими ҳәм техникасының бирнеше онлаған жылллар бурынғы дәрежесине тийкарланған сабақлықлар менен оқып атырмыз.

Сонлықтан ҳүкиметлик  дәрежеде, ҳәрқыйлы фондлар арқалы   бизиң орта мектеплеримиз ушын анық ҳәм тәбийий пәнлер – математика, физика, химия, биология бойынша рус тилиндеги сабақлықларды жетерли дәрежеде алып келиўди ҳәм мектеп китапханаларын толтырыўды жолға қойыўымыз дәўир талабы болып отыр.

Мине, мениң қарақалпақ тилиниң ҳәм билимлендириў системасының жағдайы туўралы айырым пикирлерим усылардан ибарат.

Қалған гәплерди  бул мәселелерди түсинетуғын ҳәм халқымыздың келешегин ойлай алатуғын қәнигелер айта берер.

Тамам ўәссалам.

Сағынбай ИБРАГИМОВ,

шайыр эссеист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги