«Раўажланыў стратегиясы» орайында Түркияның «Мармара групп» стратегиялық ҳәм социаллық изертлеўлер қоры менен бирге ислесиўинде «Өзбекстан ҳәм Түркия дипломатиялық қатнасықларының 30 жыллығы: өз-ара пайдалы бирге ислесиў динамикасы ҳәм перспективалары» атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан – Түркия қатнасықлары, өз-ара пайдалы еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў байланысларының ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.

Дөгерек сәўбети 2021-жылдың 8-июль күни Түркияда болып өткен Евразия экономикалық саммити шеңберинде «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм Түркияның «Мармара групп» стратегиялық ҳәм социаллық изертлеўлер қоры арасында өз-ара бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў мақсетинде қол қойылған Өз-ара түсинисиў меморандумы шеңберинде шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек.

Дәслеп, «Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков өзиниң кирис сөзинде кейинги жылларда Өзбекстан алып барып атырған жедел сыртқы сиясат нәтийжесинде тек ғана Орайлық Азия емес, ал басқа да регион мәмлекетлери менен де бирге ислесиў байланыслары барған сайын беккемленип атырғаны, Түркия Республикасы Өзбекстан сыртқы сиясатында айрықша орынға ийе екени, өз гезегинде, Өзбекстан ҳәм Түркия сыртқы сиясатында әҳмийетли орын ийелейтуғынын, Өзбекстан бүгинги күнде Түркияның Орайлық Азияда ең тийкарғы шериклеринен бири есапланатуғынын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар тәрепинен кейинги бес жыл даўамында еки мәмлекет арасында қәўипсизлик ҳәм қорғаныў, саўда ҳәм экономика, инвестиция, туризм, энергетика, транспорт ҳәм транзит, аўыл ҳәм тоғай хожалығы, мәденият, билимлендириў, илим ҳәм техника, инновация, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы өз-ара пайдалы байланыслар буннан былай да кеңейтиўге қаратылған көп тәреплеме байланыслар жедел раўажланып атырғанына итибар қаратылды.

– Усы сапар етиў арқалы Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы пуқаралық жәмийет қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған жаңа бетти ашпақтамыз, – дейди Түркияның «Мармара групп» стратегиялық ҳәм социаллық изертлеўлер қорының президенти Аккан Сувер. – Соңғы ўақытларда еки мәмлекет Президентлериниң ҳәрекети менен өз-ара қатнасықлар улыўма тарийх ҳәм мәдений мийрас дәрежесинен стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилмекте. 35 миллионға шамалас халық, геостратегиялық статусы, бай тарийхы, мәдений қәдириятлары ҳәм экономикалық потенциалы менен Өзбекстан регионаллық тынышлық ҳәм турақлылық көзқарасынан әҳмийетли орын ийелейди. Түркия мәмлекетиниң барлық тараўларында бирге ислесиўди жетилистириўге үлкен әҳмийет берип атырғаны ҳәм туўысқан Өзбекстан менен қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў тилегинен келип шығып, «Мармара групп»  стратегиялық ҳәм социаллық изертлеўлер қоры бул қатнасықларды биргеликте буннан былай да жеделлестириўден мәпдар.

Бүгинги күнде Өзбекстанда Түркия инвестициясының қатнасыўында 1300 ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта. 2016-жылы өз-ара товар алмасыў көлеми 1,2 миллиард долларды қураған болса, пандемиядан алдын бул көрсеткиш 2,5 миллиард долларға жетти. Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет арасындағы саўда көлемин 5 миллион долларға жеткериў мақсет етилген.

Соның менен бирге, парламентлер арасындағы бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, парламентлердиң нызам дөретиўшилиги ҳәм парламент қадағалаўының түрлери бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў мақсетинде «Өзбекстан – Түркия» парламентлераралық дослық топары жумыс алып бармақта.

Өз-ара қызғын ҳәм дослық сәўбетлесиў тәризинде болып өткен илаж жуўмағында Өзбекстан – Түркия қатнасықларын раўажландырыў басқышларында еки мәмлекет «ақыл орай»ларының жумысын буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, биргеликтеги илимий-изертлеў жойбарларын жолға қойыў, илимий-әмелий конференцияларды шөлкемлестириў ҳәм кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыў системасын жолға қойыўға келисип алынды.

 

Файзулло ЯҲЁЕВ,

ӨзАның хабаршысы