Өзбекстанның сырт еллердеги елшилериниң республикамызға сапары ўақтында мәмлекетимиздиң Италиядағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Атабек Акбаров Әмиўдәрья районында болды.
Елши районда қурылып атырған көпир ҳәм темир жол қурылысының жумыслары менен танысты. Районда инвестиция бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысыў мақсетинде «Амударё томорқа хизмати» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилип атырған қыйтақ жер кластери ҳәм «MANGIT XOLODELNIK» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң муслатқышлы қоймахана шөлкемлестириў жойбарларын барып көрди.
Район ҳәкимшилигинде тәреплер ҳәм жетекши исбилерменлердиң қатнасындағы ушырасыўда районның тийкарғы экономикалық көрсеткишлери, инвестициялық потенциалы, әмелге асырылып атырған ҳәм режелестирилген жойбарлар таныстырылып, толық мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, районда интенсив бағлар шөлкемлестирилип, мийўе-овощты қайта ислеў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў ушын бар шараятларды есапқа алып, инвесторларды тартыў мәселеси додаланды.
Сапар даўамында райондағы исбилерменлик субъектлери менен аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў арқалы джем, пюре, шербет ислеп шығарыў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Ҳәзир усы жойбарларды әмелге асырыўда сырт ел инвесторлары анықланбақта.
Өткен жылдың декабрь айында Президентимиздиң басламасы менен аймағымыздың инвестициялық имканиятлары ҳәм экспорт потенциалы менен жақыннан танысыў мақсетинде республикамызға келген Өзбекстан Республикасының Сингапур, Италия ҳәм Қытай Халық Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери районда болғанлығын атап өтиў керек.
Усы жылдың март айында Қытай Халық Республикасындағы елшихана тәрепинен райондағы жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаў мақсетинде тигиў машиналары берилди. Усы тигиў машиналарынан пайдаланған «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар» дәптерлерине киргизилген 10 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы