«Uzbekistan Airways»  Уллы Британияға баратырған жолаўшы ҳәм саяхатшыларға еслетпе берди.

Атап өтилиўинше, 2021-жыл 7-декабрьден SARS-CoV-2’ниң жаңа «омикрон» штаммы пайда болыўы мүнәсибети менен Уллы Британия ҳүкимети мәмлекетке кириў қағыйдаларына өзгерислер киргизген.

Бар қағыйдаларға төмендеги қосымша қағыйдалар киргизилди:

– 12 жастан өткен жолаўшылар, шаншылыў жағдайына қарамастан, Уллы Британияға келиўден кеминде 48 саат алдын өткерилген ПШР (полимераза шынжыр реакциясы)-тестиниң унамсыз нәтийжесин бергенде ғана мәмлекетке кириўи мүмкин;

-Сондай-ақ, Уллы Британияға келгеннен кейин екинши күни ПШР (полимераза шынжыр реакциясы)-тестин қайта таспырыў мәжбүрий  етип бегиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги