Ташкентте 14-декабрь күни «2021-жылдың августынан кейинги дәўирде Орайлық Азияда регионаллық қәўипсизлик машқалалары» атамасында халықаралық конференция болып өтти.
Илаж Өзбекстан Республикасы Орайлық Азия халықаралық институты тәрепинен Россия Федерациясының А.М.Горчаков атындағы Халық дипломатиясын қоллап-қуўатлаў қоры менен биргеликте «Орайлық Азия мектеби» илимий-билимлендириў бағдарламасы шеңберинде шөлкемлестирилди.
Конференцияда Орайлы Азияның барлық мәмлекетлери, сондай-ақ, Россияның бир қатар аймақлары, соның ишинде, Москва, Санкт-Петербург қалалары, Узақ шығыс федерал округинен халықаралық қатнасықлар ҳәм дипломатия, ҳуқықтаныў, бизнес ҳәм сиясат тараўларына қәнигелестирилген жоқары оқыў орынлары, стратегиялық таллаў, илимий-әмелий изертлеў орайлары, министрликлер, уйымлар жәмийетлик бирлеспелердиң ўәкиллери, Өзбекстан Орайлық Азия халықаралық институты, Президент жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Миллий университет, Ташкенттеги Сингапур менеджментти раўажландырыў институты, мәмлекетлик емес илимий орайлардың басшылары, бийғәрез экспертлер ҳәм студентлер қатнасты.
Дәслеп Орайлық Азия халықаралық институтының директоры Анвар Носиров конференция қатнасыўшыларына соңғы жылларда регионымызда, атап айтқанда, мәмлекетимизде жүз берип атырған кең көлемли унамлы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди.
Ҳақыйқатында да, атап өтилгениндей, регионда жаңаша дослық сиясий орталықтың қәлиплесиўинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўын өткериў ҳаққындағы басламасы айрықша әҳмийетке ийе екенин бийкарлап болмайды. Әйне дос ҳәм туўысқан қоңсылас мәмлекетлер жетекшилериниң қатнасыўында жоқары дәрежедеги ушырасыўлар турақлы түс алыўы себепли регионымыздың үлкен потенциалынан үнемли пайдаланыў имканиятлары кеңейди.
– Мәмлекетлеримиз арасында өз-ара исеним беккемленип, шериклик избе-из раўажланыўы нәтийжесинде регионымыз барған сайын дүнья жүзи жәмийетшилигиниң итибарын өзине тартпақта, – деди, соның ишинде, А.Носиров.
– Барлық бағдарлар бойынша еки ҳәм көп тәреплеме тәриздеги бирге ислесиў жеделлесип атырғаны бақланып атыр. Бүгинги күнде Орайлық Азия глобаллық майданда барған сайын өз алдына мәмлекетлер емес, ал тек ғана тығыз тарийх, мәденият, дәстүрлер ҳәм қәдириятлар, қалаберсе, улыўма сиясий, саўда-экономикалық мәплерди бирлестирип турған тутас, бирлескен аймақ сыпатында көрсетилмекте. Әйне турақлылық Орайлық Азияны экономикалық өсиў орайларынан бирине айландырып атырғаны тәбийғый. Халықаралық экспертлердиң пикири бойынша, регионның улыўма ЖИӨ көлеми соңғы төрт жылда 25 процент өсип, 300 миллиард доллардан артқан.
Конференция бағдарламасына муўапық, қәнигелердиң «Жаңаша Орайлық Азия. 2021-жылдың августынан кейин регионда не өзгердиЎ», «Орайлық Азия дүнья тәртибиниң жаңадан қәлиплесип атырған геосиясий картасында», «Орайлық Азияның келешек тымсалы – жас изертлеўшилердиң нәзери» темалары бойынша баянатлары тыңланды. Халықаралық көлемде танылған, жетекши сиясаттаныў орайларының тән алыныўына ерискен айрықша ҳүрметке ийе илимпазлар, экспертлер, сондай-ақ, келешек жумысын регионымыз бенен байланыстырыўға қарар еткен жас излениўшилер, студентлер Орайлық Азиядағы процесслерге байланыслы бақлаўлары, үйрениў нәтийжелери бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Әлбетте, Орайлық Азияның қәўипсизлиги ҳәм раўажланыўы көп жағынан Аўғанстандағы жағдайдың турақласыўына байланыслы. Өзбекстан басшылары бул бағдарда турақлы инсаныйлық принципине тийкарланған исенимли позициясын билдирип келген. Мәмлекетимиз басшысы дүнья жүзи жәмийетшилигиниң итибарын Аўғанстанға мәмлекетти гуманитар кризистен шығарыў, тынышлық сүйиўши жәмийетшиликке қосыўға қаратылған бирден-бир көзқарас ислеп шығыў әҳмийетли екенлигине қаратып келмекте. Конференция қатнасыўшылары да усы мәселеге айрықша итибар қаратты.
– Соңғы жылларда Орайлық Азияда регионаллық мүнәсибет оғада жеделлести, – дейди Москва мәмлекетлик университети Мәлимлеме-таллаў орайының директоры Дарья Чижова. – Бул процессте мәмлекетлердиң өз-ара байланыслары ҳәм көп тәреплеме шериклик бир-бири менен тығыз байланыслы. Буннан тысқары, соңғы айларда Аўғанстанда жүз берген ўақыялар себепли жүзеге келген жағдай да Орайлық Азия мәмлекетлери интеграциясын күшейтиўди талап етпекте. Қалаберсе, басқа регионлар ямаса дүньяның жетекши мәмлекетлери, мәселен, Қытай, Россия, АҚШ сыяқлы мәмлекетлер менен бирге ислесиўине де итибар қаратыў зәрүр. Усы мәнисте бул конференцияда көтерилип атырған мәселелер, талланып атырған темалар, машқалалар регион шеңберинен шығып, глобаллық әҳмийет ийелейди. Демек, Ташкентте Орайлық Азия ҳәм Россияның белгили аналитиклери, сиясаттаныўшылары оғада әҳмийетли ҳәм актуал мәселелер бойынша пикир-таласқа киристи.
Бул халықаралық конференция күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тәреплер бир-бирин және де жақсырақ түсинетуғынына жәрдем берди. Жақында додаланған регионаллық шерикликке байланыслы темалар, билдирилген пикирлер бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылды.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы