Ташкентте 14-декабрь күни Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай, Турақлы раўажланыў орайы және Мәмлекетлик ҳәм ҳуқық институты тәрепинен Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясының жәрдеминде «Заманагөй конституционализм: миллий ҳәм сырт ел тәжирийбеси» темасында халықаралық конференция болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары, сиясий партиялар, академиялық жәмийетшилик, сондай-ақ, халықаралық ҳәм дипломатиялық корпустың ўәкиллери қатнасты.

Әнжуман шеңберинде түрли мәмлекетлерде конституционализмниң раўажланыў  тенденциясын анықлаў ҳәм таллаў, бул бағдардағы алдынғы миллий ҳәм халықаралық тәжирийбени үйрениў, соның ишинде, мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамын жәмийеттеги реал ўақыялыққа, демократиялық реформалардың логикасына бейимлестириў, жаңа Өзбекстан раўажланыў  стратегиясы ушын беккем ҳуқықый негиз жаратыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәмлекетимизде соңғы жылларда Жаңа Өзбекстанды қурыў, еркин ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўге қаратылған өз-ара байланыслылық ҳәм мазмун-мәниси бойынша сиясий, экономикалық ҳәм социаллық-ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта. Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде Конституцияның 21-статьясына 9 мәрте 32 өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Ҳәр қандай демократиялық реформа беккем конституциялық-ҳуқықый тийкарға ийе болса ғана, даўамлы ҳәм нәтийжели болады. Конституция ямаса нызам дәўир талабы, реформа ҳәм халық мүтәжлигинен келип шығып, турақлы түрде жетилистирип барылады. Дүньяда ҳеш бир конституция биринши мәрте қабыл етилген редакцияда сақланып қалмаған. Мәселен, XXI әсирде  90 ға  шамалас мәмлекетте конституциялық реформа табыслы әмелге асырылған, 57 нде жаңа ҳүжжет қабыл етилген. Ең көп өзгерислер ҳәм қосымшалар  Мексика, Жаңа Зеландия, Бразилия, Швейцария, Австрия, Израиль, Чили, Колумбия, Грузия ҳәм Ҳиндстан конституцияларына киргизилген.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов конституциялық реформа бүгинги және келешектеги  табыслы, турақлы раўажланыўдың зәрүр ҳуқықый шәрти ҳәм тийкары екенин атап өтти.

– Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясында әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген, – деди А.Саидов. – Мәмлекетти модернизациялаўдың жети бағдары бойынша елиўден аслам кодекс, нызам, стратегия, концепция және бағдарлама қабыл етиў ҳәм бул ҳүжжетлерди турмысқа енгизиў нәзерде тутылған. Сонлықтан, конституцияны жаңалаў процеси толық ҳәм басқышпа-басқыш белгиленетуғын «Жол картасы» зәрүрлигин қоллап-қуўатлаймыз.

Конференцияда электорат усынысларын улыўмаластырып, белгиленген 9 бағдар бойынша тийкарғы нызамды жетилистириў мәмекеттеги реформалардың конституциялық-ҳуқықый тийкарын беккемлеўге хызмет ететуғыны тән алынды.

Жаңа конституция, биринши гезекте, «Инсан абырайы ҳәм қәдир-қымбаты жолында» тийкарғы принципин толық әмелге асырыў менен байланыслы. Усы жерде бул принцип пуқаралардың тыныш ҳәм қәўипсиз турмысы, тийкарғы ҳуқықлары менен еркинлигин тәмийинлеў, мүнәсип турмыс шараяты менен заманагөй инфраструктура жаратыў, мәмлекеттиң ҳәр бир пуқарасы ушын тәжирийбели медициналық хызмет көрсетиў, сапалы билимлендириў, беккем социаллық қорғаў системасына ийе болыў, саламат экологиялық орталық қурыўды   гөзлейтуғынын атап өтиў зәрүр.

Жоқарыда  атап өтилгениндей, жаңа конституция жаратыўда сырт ел тәжирийбесине де сүйенилди. Форумда халықаралық экспертлер тәрепинен  «социаллық мәмлекет – бәсекили базар экономикасы, түрли пандемия ҳәм эпидемиялар шараятында  өз пуқараларына белгили бир минимал абаданшылықты кепиллейтуғын мәмлекет» деген сөзге  бир неше мәрте мүрәжат етилди.

– Ҳәр қандай мәмлекет тийкарғы нызамына өзгерислер киргизиў мәселесин өзи шешеди, әлбетте, – деди Европа Аўқамының Өзбекстандағы  делегациясының басшысы Шарлотта Адриан. Басқарыў усылы қандай болыўына қарамастан, конституцияда нызам үстинлиги, инсан ҳуқықы, пикирдиң ҳәр түрлилиги сыяқлы қолқатылмас принциплер көриниўи керек.

Конференция қатнасыўшылары барлық мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты, додалаўлар нәтийжесинде темаға байланыслы  усыныслар алға қойылды.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы