Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық  басқармасы тәрепинен республикамыз мәҳәллелериндеги спортқа қызығыўшы жәмлеспеген жаслар арасында мини футбол бойынша «Мәҳәлле кубоги» жарысы болып өтти.

Оған республикамыздыӊ барлық районларыныӊ командалары белсене қатнасты.

Қызғын талас-тартыслы мәўритлерге бай болып өткен бул спорт жарысында 1-орынды Нөкис қаласындағы «Нәўпир», 2-орынды Қоӊырат районындағы «Қоӊырат» ҳәм 3-орынды Хожели районындағы «Қырқыншы» мәкан пуқаралар жыйынларыныӊ футболшы жаслары қолға киргизди.

Жарыс соӊында жеӊимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы кубок, дәрежели диплом ҳәм қымбат баҳалы сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы