Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен Esports Өзбекстан Федерациясы, “UzReport TV” ҳәм де “Futbol TV” биргеликте барлық жасларды 2021-жылдың 17-19-декабрь күнлери Мойнақ районында болып өтетуғын “Uzbekistan Cup Muynak-2021” киберспорт бойынша Өзбекистан кубоги жарысына мирәт етеди.

Онда “FIFA 22”, “PES 22”, “CS:GO”, “DOTA 2”, “PUBG mobile” ҳәм “Counter Strike 1.6” бағдарлары бойынша жарысларға Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан киберспортшылар қатнасыӯ имканиятына ийе.

Шөлкемлестириӯшилердиң мәлим еткениндей, жарыстың сыйлық қоры 30,0 миллион сумды қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги