«Бәркамал әўлад-2021» спорт жарысларының республикалық финал басқышының дзюдо бойынша дәслепки жарысы өз жуўмағына жетти.
Нөкис қаласында болып өткен жарысқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардағы академиялық лицей ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң 250 ден аслам оқыўшы-жаслары қатнасты.
Үлкен спорт байрамына айланған жарысларда спортшы-жаслар 18 салмақ категориясында чемпионлық ушын беллести.
Жарыс жуўмағында, улыўма командалық есапта қарақалпақстанлы жаслар 1-орынды қолға киргизди. Хорезмли жаслар 2-орынды ийелеген болса, 3-орын самарқандлы спортшыларға несип етти.
Солай етип, Қарақалпақстанда болып өткен дәслепки жарыс өз жуўмағына жетти. «Бәркамал әўлад-2021» спорт жарысларының республикалық финал басқышынан орын алған келеси жарыс жеңил атлетика бойынша усы жылдың 10-14-декабрь күнлери Жиззақ ўәлаятында болып өтеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.