Жақында Нөкис қаласы ҳәкимлигиниӊ шөлкемлестриўи менен республикамыздыӊ ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм басқа ўәлаятлардан келип республикамыздағы жоқары оқыў орынларында оқып атырған студентлер ушын медиатур шөлкемлестирилди.

Медиатур даўамында илаж қатнасыўшылары Нөкис қаласында жайласқан Арқа-батыс әскерий округинде болып, усы округте шөлкемлестирилген әскерий-жаўынгерлик «Даӊқ» музейиндеги экспонатлар менен танысты.

Соӊынан медиатур қатнасыўшылары пайтахтымыз бойлап жүргизилип кеӊ көлемли қурылыс-абаданластырыў ислери, соныӊ ишинде Президентимиз Ш.Мирзиёев басламасы менен өткерилип атырған «Әҳмийетли 40 күнлик» жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған нәл егиў жумысларыныӊ барысы менен жақыннан танысты ҳәм Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасыныӊ жуўапкер хызметкерлеринен өзлерин қызықтырған сораўларға жуўапларын алды.

Сондай-ақ, медиатур шеӊберинде Нөкис қаласы ҳәкиминиӊ Жаслар сиясаты,  социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық  мәселелери бойынша орынбасары Жолдасбай Абдижамиловтыӊ қатнасыўында «2021-жыл- Жаслар менен ислесиўдин жаӊаша методы жуўмақлары» деген атамада брифинг шөлкемлестирилип, онда илаж қатнасыўшылары тәрепинен ҳәким орынбасарына өткен 11 ай даўамында қала ҳәкимлиги тәрепинен жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша исленип атырған жумыслар бойынша көплеген сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар берилди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы