Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери арасында усы жылдың 15-ноябрь ҳәм 15-декабрь күнлери аралығында жәрияланған «Кәсиплик таярлық» айлығы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларында да шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Айлық даўамында түрли мәдений-ағартыўшылық илажлар ҳәм спорт жарыслары болып өтпекте. Атап айтқанда, волейбол бойынша өткерилген жарыста министрликтиң тараўлық хызметлери, оқыў орынлары, қалалық ҳәм районлық Ишки ислер бөлимлеринен 12 команда  қатнасты.

Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, ишки ислер уйымлары хызметкерлери арасында денетәрбия ҳәм спортты кеңнен үгит нәсиятлаў, саламат турмыс тәризин ен жайдырыў арқалы спорт жарысларын турақлы өткерип турыўдан ибарат.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында Қараөзек районлық Ишки ислер бөлимлери сайланды командасы биринши,  Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейи екинши, Нөкис қалалық ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпазларды  Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник И.Ахмедов қутлықлап, оларға медаль, диплом және естелик саўғаларын тапсырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги