Нөкис районындағы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары арасында «Зорлыққа жол жоқ» атамасында сүўретлер таңлаўы болып өтти.
Илаж жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Л.Өтегенова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы Ж.Аймағанбетова, жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы Ш.Шамамбетов, Нөкис районлар аралық экономикалық судының баслығы З.Хасанова, жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилди.
Таңлаўға қатнасқан жас сүўретшилер өз шығармаларында турмысымызда жүз берип атырған жынаятшылық ислериниң ақыбетлерин ақ қағазға түсирди. Кими айырым шаңарақлардағы аналарға, қызларға қаратылған басымға өз пикирин билдирсе, және бири қара бултлар арасынан шыққан қуяштың жарқыраған сәўлесин шеберлик пенен сызған. Солай етип, ҳәр бир қатнасыўшы турмысымызда ушырасып туратуғын зорлық ҳәм басымға болған мүнәсибетлерин қыл қәлем арқалы сәўлелендириўге ҳәрекет еткен.
Таңлаў соңында жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги