Қәниге алымлардың изертлеўлерине қарағанда, дүньяда 7100 ден аслам тил бар екен. Булардың 400 ден көбиреги жоқ болып баратырған тиллер деп есапқа алынбақта. Ең қәўетерлиси – 2 ҳәптеде 1 тил жасаў уқыбынан айырылып, өли тиллер қатарынан орын алып атыр… Буның баслы себеплериниң бири – жер шары халықларының 2/3 бөлиминде «жаўынгер» 40 тил өз ҳүкимдарлығын етпекте. Олардың тийкарғылары – қытай, ҳинд, инглиз, испан, араб, рус ҳәм португал тиллери. Ең бириншилерден болып, өз жазыўына ийе болмаған тиллер өледи екен… Екиншиден, аз санлы миллетлердиң ҳәм өз мәмлекетшилигине ийе емес халықлардың тиллери сөне баслайды. Тиллердиң жоқ болыў қәўпи аз санлы халықтың көп санлы халық пенен байланысы бар жерде де күшли болады екен… Базыбир тиллердиң XXI әсирде апатлы гирдабларға ғарқ болыўының үлкен сағасы – глобализация ҳәм миграция тасқынлары … Өз ана тилин 70 проценттен аз бала үйренген еллердиң тиллери жоқ болыў зилзилалары орайында жасайды…
Қарақалпақ тили жоғалыў итималлығынан аманба?… Қудайға шүкир. Бизлер өз мәмлекетшилигимизге ҳәм тилимизди қорғайтуғын Конституциямызға ийемиз. Перзентлеримиз қарақалпақ тилин үйренип атыр…
Бүгин бир сырласайық, бабамның тили,
«Тил байрамы» болсын бизлердиң бәнемиз.
«Ғәзийнем, байлығым!» деп, тәриплеп Сени
биз – мийрасхор әўлад мақтанып келемиз.
Үлкен мәжилислерде Сени улығлап,
қосықлар тоқыйды шайырлар ҳәр жылы.
Мың жыллық баба тилди келди қорықлап
Алпамыс ҳәм Қобылан – атамның тили!…
Алпамыс ҳәм Қобылан – аталар тили.
Урыс умманлары, тарпыўы тәғдирдиң;
Көклем, Жаз ҳәм Гүз, Қыс – Тәңиримниң сыры.
Өртлер ишинде күймей мәрдана турдың!
Тумарис ҳәм Гүлайым – анамның тили!…
Тумарис ҳәм Гүлайым – аналар тили.
Ҳәр сес – фонемаңда тулпарлар киснеўи,
семсер ҳәм найзаның, қалқанның қосығы!…
оқ тийген батырдың жер ҳәм тил тислеўи –
топырақ, қан, нан, ҳәм дуз дәми қосылып…
Семсер ҳәм найзаның, қалқанның қосығы.
Қунарлы топырақтай, берекет дарыған,
ҳәм қонақшыл үйдей, миймандос тилсең.
Қандай сөз кирсе де, қабыллап бәрин-ҳәм
иргең ҳәм кеўлиңе сыйдырып жүрсең…
Форма ҳәм мазмуныңа сыйдырып жүрсең.
Араптан, парсыдан, орыстан, латыннан
жат сөзлер қонақ болып жайласып алды.
Ўақтында «Қайта-ғой…» деп, айтпағанлықтан,
төриңди ийеледи, кетпестен қалды…
Төриңде жанбаслап, жайғасып алды.
Сақыйлық деген де буншелли болар ма?…
Өз перзентлериң шийден сыртта қалажақ.
Лексика елиндеги шаңарақларға
шет елли кирме сөзлер султан болажақ…
Өз перзентлериң шийден сыртта қалажақ.
Лекин, тиллер менен тиллердиң қатнасын
бул жақты дүньяда бийкарлап болмайды.
Қүдиретли қырық тилдиң глобал айқасы
тиллерди қорқытып, қәўипли жаңлайды…
Қәлбимди ҳаўлықтырып, жағымсыз жаңлайды.
Ҳәр еки ҳәптеде бир тилдиң «намазы» –
Глобалласқан әсирдиң ашшы деми бул…
Әйдарҳа – миграция мойынын созып,
аз санлы халықларға отлар бүркип тур…
Глобалласқан заманның ашшы деми бул.
Ана тил! Мақтаўыма мүтәж емессең,
Аралды мақтап-мақтап, кейни не болды?!…
Сен бүгин қорғаўыма күтә зәрүрсең,
таза Жайҳуныма алқынды, шор толды…
Жайҳун тилим, сени дегишлер алды.
Айтсам – сөз, жазсам – хатсаң; руўхыятымсаң,
Тәңде – қан, қанда – жан, намыс ҳәм арымсаң.
Конституциям қорғаған қәдриятымсаң –
Қәлбимниң жарасығы – өзиң баба тил,
Көзимниң қарашығы ата-ана тил!…
Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги