Белгили шайыр, эссеист С.Ибрагимовтың «Брно сәўбетлери» китабы «Билим» баспасында жарық көрди.

Китап ҳаққында оның авторларының пикирлерин сизлердиң дыққатыңызға усыныўды мақул көрдик.

Чехия мәмлекетиниң Брно қаласында жасаған бир ярым жыл дәўиримиз даўамында әдебият ҳәм мәденият туўралы Сағын екеўмиз көп сәўбетлестик. Усы сәўбетлеримизди жыйнап, китап етип басып шығардық.

Сағынбай Ибрагимовтың пикирлери оқыўшыларымызға қызықлы болар деп үмит етемиз, дейди Гүлнара Ибрагимова.

– Мен мектеплердеги ушырасыўларда, жаслардың телевидение ҳәм радио арқалы шығып сөйлеўлеринде олардың тек шаблонлар менен сөйлеп атырғанын аңлап қаламан. Бул тәәжип емес. Олар усындай шаблон гәплерге қурылған көрсетиўлерди көрип, еситтириўлерди тыңлайды. Базы жағдайларда мектеплердеги ҳәм жоқары оқыў орынларындағы сабақлар да ядланды гәплерге қурылады.

Бул қәўипли тенденция. Бул жолда биз пикирлеў қәбилетимизди жойтып бара беремиз. Нәтийжеде тек силтеўге жүретуғын, жоқарыдағы басшысының көрсетпелерин ойсызлық пенен орынлай беретуғын  адамлар пайда болады.

Сталинлик репрессия жыллары усындай адамлар қарақалпақ халқының сиясий ҳәм мәдений элитасын қамады, өлимге ҳүким етти ҳәм бул ҳүкимлерди орынлады.

Уллы тарийхшымыз Шерип-аға Бабашевтиң китапларын оқың – бул ойсызлықтың дәҳшетли көринислери менен танысасыз.

Мен бул «Брно сәўбетлери» атлы китабымдағы интервьюлеримде оқыўшымды усы шаблонлардан ҳәм ядланды гәплерден қутылып, еркин пикирлеўге шақыраман.

 

Сағынбай ИБРАГИМОВ

Қарақалпақстан хабар агентлиги