Бүгин, 29-ноябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол шеберлик мектеби (академия) стадионында футбол бойынша «Профессионал футбол мектеплери лигасы» Өзбекстан кубогы жарысларының финал ойыны болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан футбол ассоциациясы хабар берди.

Финалға шекем барлық қарсыласларын жеңип келген Қарақалпақстан Республикасы футбол шеберлик мектеби командасы финалда өз майданында Ферғана ўәлаяты футбол шеберлик мектебиниң командасын қабыллады.

Қызғын беллесиўлерге бай болған ойында жерлеслеримиздиң жоқары шеберлик ҳәм күшли таярлыққа ийе екенлиги айқын көринип турды. Солай етип, «Профессионал футбол мектеплери лигасы» Өзбекстан кубогы жарысларының финал ойынында қарақалпақстанлы жас футболшылар ферғаналы қарсыласларын 4:1 есабында жеңип шығып, Өзбекстан кубогы жеңимпазы болды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.