Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Пуқараларды артықша әўерегершилик ҳәм бюрократиялық тосықларсыз медициналық-социаллық экспертизадан өткериў, майыплығы болған шахслардың толық турмыс тәризин жүргизиў және өз ҳуқықлары ҳәм потенциалын әмелге асырыў имканиятларын кеңейтиў, оларды реабилитациялаўға дурыс бағдарлаў және тийисли илажлар менен қамтып алыў көлемин жәнеде кеңейтиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў  жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик Бағдарламаның орынланыўын тәмийинелеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-марттағы «Кекселер  ҳәм майыплығы болған шахсларды социаллық қолап-қуўатлаў, «Сақаўат» ҳәм «Мүрийбет» интернат үйлери системасын буннан былай да раўажландырыў, ҳаққында»ғы ПП-6195-санлы Пәрманына муўапық Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги системасына  өткерилгенлиги және оған пуқараларды медициналық-социаллық экспертизадан өткериў ҳәм майыплықты белгилеў системасын және де жетилистириў ўазыйпасы жүкленгенлиги  мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2. Пуқараларды медициналық-социаллық экспертизадан өткериў ҳәм майыплықты белгилеў  системасын жетилистириўдиң  тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

пуқараларға майыплықты белгилеўде  коррупцияның себеп ҳәм шараятларын сапластрыў,  мәплердиң соқлығылысыўына жол қоймаў;

майыплықты белгилеўде пуқаралардың артықша әўерегершиликлерин сапластырыў, тараўда бар  бюрократиялық тосықларды бийкар етиў;

мағлыўматлардың электрон базасын қәлиплестириў  арқалы пуқараларға заман талапларына жуўап беретуғын нәтийжели  хызмет көрсетиў системасын қәлиплестириў.

3.Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2021-жыл1-декабрьден баслап:

шахс денсаўлығының жағдайына бола Республикалық медициналық-социаллық экперт комиссиясына (кейинги орынларда-медициналық-социаллық эксперт комиссиясы) барыў имканиятына ийе болмаған жағдайда майыплықты белгилеў бириктирилиген аймақларға шығып көшпели мәжилислерде, шахстың үйинде ямаса емлениўде болған стационарда және сырттан тексериўден өткериў арқалы шөлкемлестириледи;

майыплық белгилери анық көринип турған, анатомиялық нуқсанлары болған шахсларды клиникалық-функционаллық мағлыўматларды алыўға байланыслы қосымша тексериўден өткерместен турып, тастыйықланған кеселликлердиң дизими тийкарында пуқараның қатнасыўысыз олар майыплығы болған шахс деп табылғанда майыплық мүддетсиз дәўирге  белгиленеди;

медициналық –социаллық экспертлик комиссиялары тәрепинен майыплық ҳаққындағы мағлыўматларда майыплығы болған шахслардың ислеўи мүмкин болған кәсиплер бойынша усыныслар бериледи.

б) 2022-жыл 1-августтан баслап дәслеп Ташкент қаласында майыплығы болған шахсларды медициналық-социаллық эксперт комиссияларында есапқа алып ҳәм тексериўден өткериўдиң жаңа «Медициналық-социаллық экспертиза» электрон мәлимлеме системасы (кейинги орынларда-мәлимлеме системасы) енгизиледи.

Онда, пуқараларға майыплықты белгилеў ушын тийкар есапланатуғын (медициналық жоллама, кеселлик тарийхы ҳәм амбулаториялық картадан көширмелер ҳәм басқа) мағлыўматлар мәлимлеме системасына электрон тәризде киргизилиўи тәмийинленеди;

в) 2023-жыл 1-январьдан баслап мәлимлеме системасы республиканың басқа да барлық аймақларында толық енгизиледи.

Бунда:

Майыплықты белгилеўде емлеў-профилактика мәкемелериниң жолламалары, кеселлик тарийхынан көширмелер, амбулаториялық карта, ўақтынша мийнетке жарамсызлық бети және де мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы жағдайдағы бахытсыз ҳәдийсе ямаса денсаўлықтың басқаша тәризде жарақатланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлер толық мәлимлеме системасы арқалы қабыл етиледи;

ўақтынша мийнетке жарамсызлық бети және хызмет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы жағдайдағы бахытсыз ҳәдийсе ямаса денсаўлықтың басқаша түрде жарақатланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар «Бирден-бир хызмет миллий системасы» уйымлараралық бағдарламалық-аппараты және мәлимлеме системасы арасында мағлыўмат алмасыўы тийкарында алынады;

Мәлимлеме системасындағы пуқараға тийисли мағлыўматлардан келип шығып, организм функциясының бузылыўы ҳәм турмыс тәризи шегараланыўын есапқа алған ҳалда майыплықты пуқаралардың қатнасыўысыз белгилеў тәртиби енгизиледи;

Майыплығы болған шахсқа тийисли болған мағлыўматлар, емлеўши және медициналық жуўмақ берген шыпакерлер ҳаққындағы мағлыўматлар мәлимлеме системасында белгиленип барылады;

Майыплық белгиленген шахсларға пенсия ҳәм социаллық напақаларды тайынлыў ушын электрон мағлыўматлар «Пенсия» және «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системаларына автомат түрде жибериледи.

  1. Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясының педиатрия медициналық-социаллық экспертлик комиссиялары (кейинги орынларда-педиатрия медициналық-социаллық экспертиза комиссияларына) шөлкемлестирилсин ҳәм усы мүнәсибет пенен Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасының шыпакерлерине 18 жасқа шекемги болған балаларға майыплықты белгилеў бойынша жүклетилген қосымша функциялар бийкар етилсин.
  2. 18 жасқа шекемги балаларды майыплығы болған бала деп табыў педиатрия медициналық –социалық экспертлик комиссиялары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

18 жастан үлкен пуқараларды майыплығы болған шахс деп табыў медициналық-социаллық экспертлик комиссиялары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

педиатрия медициналық-социаллық экспертлик комиссиялары Мәмлекетлик бюджетлер қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын турақлы жумыс ислеўши структура есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

6.Төмендегилер:

Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында екеўден педиатрия медициналық-социаллық экспертлик комиссиялары;

 Бухара, Жиззақ, Наўайы, Наманган, Сырдәрья, Сурхандәрья, Ташкент, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында биреўден педиатрия медициналық-социаллық экспертлик комиссиялары;

Қашқадәрья, Сырдәрья, Хорезм ҳәм Наманган ўәлаятларында қосымша түрде биреўден районлараралық медициналық-социаллық экспертлик комиссиялары;

Республикалық медициналық-социаллық экспертизасында 3 штат бирлигинен ибарат  информациялық технологияларды енгизиў бөлими шөлкемлестирилсин.

Бунда, Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясы ҳәм медициналық-социаллық эксперт комиссияларының штат бирликлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-майдағы «Денсаўлықты сақлаў системасында алып баралып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм медицина хызметкерлериниң потенциалын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў ҳаққында»ғы ПП-6221-санлы Пәрманына муўапық ажыратылған штат бирликлери есабынан қәлиплестириледи.

  1. Педиатрия медициналық-социаллық экспертлик комиссияларының тийкарға ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленген:

он сегиз жасқа шекемги балаларды медициналық-социаллық экспертизадан өткериў және майыплығы болған шахслар жәмийетлери менен биргеликте майыплықты белгилеў тараўында мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда қатнасыў;

он сегиз жасқа шекемги балаларды майыплыққа алып келиўши факторларды үйрениў ҳәм денсаўлығы жаманласыўының алдын алыў илажларын ислеп шығыў;

майыплығы болған балаларды реаблитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў тараўын қадағалаў ҳәм муўапықластырыў;

тараўдың ағымдағы ҳәм келешектеги мүтәжликлерин есапқа алған ҳалда кадрларды оқытыў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың алдынға усылларын системалы тийкарда енгизиўде қатнасыў.

8.Майыплығы болған шахсларды медициналық-социаллық экспертлик комиссияларында есапқа алыў ҳәм тексериўден өткериўдиң электрон мәлимлеме системасын жаратыў ҳәм кадрлардың потенциалын арттырыў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Медицианлық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков) менен биргеликте:

бир ай мүддетте Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң он сегиз жасқа шекемги балаларға майыплықты белгилеў мәселелери ушын жуўапкер медицина мәкемелериндеги майыплыққа байланыслы медициналық жуўмақты бериў менен байланыслы барлық ҳүжжетлер белгиленген тәртипте хатлаўдан өткерилиўин ҳәм  тийисли  педиатрия медициналық-социаллық экспертлик комиссияларына тапсырылыўын тәмийинлесин;

еки ай мүддетте медицина мәкемеси тәрепинен пуқараларды медициналық-социаллық экспертизаға жибериў тәртибин нәзерде тутатуғын врач-мәсләҳәт комиссиясы ҳаққында нызамды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

2022-2023-оқыў жылынан баслап медициналық-социаллық экспертиза, реабилиталогия, медициналық, социаллық ҳәм кәсиплик реаблитация қәнигелерин таярлаўдағы магистратура, клиникалық ординатура, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў оқыў бағдарламаларын халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында жетилистириў илажларын көрсин;

ҳәр бес жылда кеминде бир мәрте медициналық-социаллық экспертиза хызмети системасының медицина хызметкерлери Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелери ҳәм республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларында қәнигелиги ҳәм медициналық-социаллық экспертиза бойынша маманлығын арттырыўы және басланғыш қәнигелестириў курсларынан бийпул өтиўин тәмийинлесин.

  1. Усы қарар қабыл етилгенине шекем берилген майыплық ҳаққындағы ески үлгидеги мағлыўматнамалар және рәсмийлестирилген ески үлгидеги майыплығы болған шахсларды реаблитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламалары гезектеги қайта тексериў өткерилгенине шекем ямаса реаблитация илажларын әмелге асырыў (егер майыплық мүддетсиз белгиленген болса) тамамланғанына шекем ҳақыйқый есапланыўы белгилеп қойылсын.
  2. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 1-июньге шекем БМШтың Раўажланыў бағдарламасы, Жәҳән банки, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм ЮНИСЕФтың техникалық жәрдемин тартқан ҳалда майыплықты белгилеўдиң социаллық моделине басқышпа-басқыш өтиў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарының жойбарын ислеп шықсын.

Бунда, халықаралық тәжирийбени ўйренген ҳалда Денсаўлықты ҳәм турмыс тәризиниң (функцияларының) шеклениўи халықаралық классификациясы  тийкарында пуқараларға майыалықты белгилеўдиң социаллық моделине өтиў Концепциясын ислеп шығыў нәзерде тутылады.

  1. Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Медициналық-соцаиллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң тийкарланған усынысларына муўапық усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға ҳәм медициналық-социаллық экспертиза хызметиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, жаңа шөлкемлестирилп атырған педиатрия ҳәм районлараралық медициналық-социаллық экспертлик комиссияларын транспорт қураллары менен тәмийинлеў, сондай-ақ,  мәлимлеме системасын жаратыў, кадрлар таярлаў ушын зәрүр болған қаржыларды 2021-жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде денсаўлықты сақлаў тараўы ушын нәзерде тутылған қаржылардың шекленген муғдарлары шеңберинде ажыратылыўын және 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
  2. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков):

а) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги  (Ш.Шерматов) менен биргеликте:

үш ай мүддетте Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде  медициналық-социаллық экспертиза хызметиниң жумысын жетилистириўге ажыратылған қаржылар есабынан 18 жасқа шекемги балалардың майыплығы болған  ҳәм оннан үлкен жастағы  майыплығы  болған шахслардың электрон мағлыўматларын өзинде жәмлейтуғын электрон мағлыўматлар базасын  жетистирилсин;

2022-жыл 1-августқа шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда, пуқараларды медициналық-социаллық экспертлик  комиссияларында  есапқа алыў ҳәм тексериўден өткериўдиң жаңа электрон мәлимлеме системасын ислеп шықсын;

 майыплық  белгиленген шахслардың майыплық мүддети тамамланып атырғанлығы және қайта тексериўге келиўи ҳаққында қысқа хабарды бийғәрез түрде олардың мобиль байланыс қуралларына  бир ай алдын  жибериў механизмин  шөлкемлестирсин.

Бунда, министрликлер ҳәм уйымларға майыплығы болған шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы электрон тәризде жибериледи;

б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов) менен биргеликте  бир ай мүддетте  аймақлық медициналық-социаллық эксперт комиссияларының имаратлары ҳәм ханалары және үскенелер ушын минимал талапларды ислеп шықсын  және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлерине жеткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) 2022-жыл 1-августтан Ташкент қаласы және  2023-жылдан берли  республиканың барлық аймақларындағы емлеў-профилактика мәкемелери тәрепинен жолламаларды, кеселлик тарийхынан көширмелерди, амбулаториялық карталарды, ўақтынша мийнетке жарамсызлық бети және кәсип кеселлигин белгилеў  ушын тийкар болатуғын  арнаўлы ўәкиллик берилген денсаўлықты сақлаў мәкемеси жуўмағынан көширмелерди  мәлимлеме системасына электрон тәризде киргизип барыўды тәмийинлесин.

Майыплықты белгилеў менен байланыслы барлық ҳүжжетлер  емлеў-профилактика мәкемелериниң IT оператор-мийирбийкелери тәрепинен жеке идентификациялық логин ҳәм пароллар тийкарында мәлимлеме системасына киргизип барылатуғыны белгиленсин.

  1. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте медициналық-социаллық экспертиза хызметиниң жумысын тәртипке салатуғын Ҳүкимет қарарын тастыйықласын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери еки ай мүддетте  барлық аймақлық  медициналық-социаллық экспертлик комиссияларын белгиленген талапларға жуўап беретуғын, социаллық қорғаўға  мүтәж  пуқаралардың келиўи ушын қолайлы имаратлар ҳәм ханаларда бийғарез тийкарда жайластырыў илажларын көрсин.
  3. Медициналық-соицаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы және Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы қарардың мақсети ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да мәлимлеме ресурслары арқалы кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң директоры А.Инаков белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер  атқарыўшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша   Өзбекстан Республикасы Президентине 2022-жыл 1-июльге шекем мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 27-ноябрь