Мәҳәлледеги өзгерислер халықтың абадан турмыста жасаўын жақсылаўды тәмийинлер екен, бул бағдарда мәҳәлле жетилигиниң орнын айрықша айтып өтиў орынлы. Бул система пуқаралардың мүрәжатлеринен келип шыққан ҳалда, аймақлардағы машқалалардың шешилиўинде халық пенен  аўызбиршиликли түрде ҳәрекет етип келинбекте.

Беруний районы биринши сектор аймағындағы Мустақыллық мәҳәллеси Дослық аймағындағы  халықтың жасаў орнындағы көпир көп жыллардан берли қайта оңлаўға зәүр болып турған еди. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мүлк салығынан түскен дәраматтың 10 проценти мәҳәллелерде қалдырылыўы белгиленген болып, усы қәрежетлер есабынан көпир жаңадан қурылды.

Пиядалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм халықтың узақ жолын жақын етиў мақсетинде қурылған көпир сол жерде жасаўшы пуқаралардың разылығына себеп болды. Мәҳәлле жетилигиниң басламасы менен аймақта мәҳәлле бағы жаратылды.  Өнимдарлы жерге мийўели дарақлар егилип, бағ жаратылды.

Қарақалпақстан  хабар агентлиги