Америка кино өнери ҳәм илимлер академиясы «Оскар» сыйлығына талабанлардың дизимин тастыйықлады.

Басылымда айтылыўынша, «Ең жақсы сырт ел көркем фильми» номинациясына Вальтер Саллестиң «Мен еле де усы жердемен», Жак Одиардың «Эмилия Перес», Магнус фон Хорнның «Игнали қыз», Жири Мадланың «Толқынлар» ҳәм усы сыяқлы белгили 15 фильм усынылған.

«Ең жақсы музыка» номинациясында «Даўагерлер», «Конклав», «Жабайы робот», «Битлджус», «Головоломка 2» сыяқлы фильмлер сыйлық ушын даўагерлик етпекте. «Ең жақсы ҳүжжетли фильм» номинациясының қысқа дизимине «Қара қуты күнделиклери», «Дагомея», «Фрида», «Голливудгейт», «Чинни урысы» ҳәм басқалар киреди.

Сондай-ақ, жеңимпазлар «Ең жақсы қысқа метражлы ҳүжжетли фильм», «Ең жақсы пардоз ҳәм шаш түрмеги», «Ең жақсы қосық», «Ең жақсы қысқа метражлы анимациялық фильм», «Ең жақсы қысқа метражлы фильм», «Ең жақсы даўыс», «Ең жақсы визуал эффектлер» номинациялары бойынша анықланады.

Сыйлықларды тапсырыў мәресими 2025-жылы 2-март күни болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги